реўдиң мийнетин ийелеў жоқ.
Белгили этапларда аскетизм өз көз-қарасларын теориялық тийкарлаў зәрүрлигине ийе болады. Аскетлер дин тәлийматының ҳәр қыйлы философиялық мектеплердиң термиологиясы ҳәм усылларынан пайдаланып баслайды. Самонаблюдение (өзин-өзи бақлаў) теориялық базасын ислеп шығыўда Абу Абдуллах Харас ибн Асад ал-Аназа ал-Мухасиби (ituж. өлди. ) әҳмийетли роль ойнады. Ол тәрепинен жазылған «ар-риъайа ли ҳукук Аллах» (Соблюдение прав Аллаха) өзин-өзи бақлаўдың методының тийкарын сәўлелендиреди (мухасаба - самонаблюдение. Автордың лақабы ҳәм соннан). Мухасиблер өзлериниң ўазыйпалары сыпатында адамның сыртқы ҳәрекетлери менен бирге оның ойларының, мақсетлериниң ара-қатнасын қадағалаўды нәзерде тутты. Жанның сырлы ой-пикир, нийет ҳәм ҳәрекетлериниң анализи экстатикалық ҳал түсинигин тастыйықлаўға алып келеди. Бул адамның өзиниң ерки менен әмелге аспайды, ал оған қудайдың берген сыйы. Ҳал - қысқа ўақытлық ҳал, ҳәттеки ўақыттан тысқары, себеби бул тез, бирден болатуғын анаў я мынаў көңил-күйдиң тоны менен боялған нурланыў.
Мухасиби китабы адамның мораллық тазаланыўы бағдарындағы өмирдиң ишки шөлкемлесиўи бойынша тутас басшылығы болады.
Арқа Африкада бундай бақлаўлар менен нубиялы Абу Фаид ибн Ибрахим Зун-Нун ал-Мисри (iy0ж. өлген).
Қудай менен бирлесиўде диний формадағы айырмашылықлар, барлық диний үрп-әдетлерди ҳәм көрсетпелерди орынлаўдың әҳмийети болған жоқ. Суфистлер-пантеистлер Қуранның сөзбе-сөз талқыланыўын, түсиндириўин бийкарлады ҳәм билимлер қудайды жақсы танып билиўге жәрдем береди деп есаплады. Бул ортодоксаллық ислам тәрепинен белгили реакцияны болдырды. Суфизм еретикалық тәлиймат (динниң қәделерине қарсы келетуғын) сыпатында дағазаланып, оның тәрепдарлары қуўғынға ушырады.
Пантеистлик көз-қарастан диний нәсият пенен шыққан суф
Страницы: << < 27 | 28 | 29 | 30 | 31 > >>