Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  25 | 26 | 27 | 28 | 29  >  >>

и системасы шафиит мазхаби тарқалған районларда беккемлести, ал Матуриди системасы Хорасан ҳәм Орайлық Азия ханифитлери тәрепинен мойынланды.
Калам соңғы әсирлерде шафиит ҳәм ханифитлердиң көп ғана теологлары тәрепинен исленип шығылды. Бул процесс философия ҳәм дин арасындағы қатаң гүресте көринип, XI-XII әсирлердеги белгили алым Абу Хамид ал-Газзалидиң шығармалары менен тамамланды. Мутакаллимлер орта әсир философиясы ушын характерли қөп ғана фундаментал мәселелерди шешиўде үлес қосты. Мәселен, динге исеним ҳәм ақыл-ой, қудай ҳәм дүнья, физикалық денелердиң дүзилиси бөлинбейтуғын (неделимости- бесконечно малых) ҳәм континиуум ҳ. т. б. ара қатнасы ҳ. т. б.
Мутазилитлер ҳәм мутакаллимлер орта әсирлик цивилизацияның ишиндеги саўатлы бөлеги болды. Олардың ишинде ан-Наззам, Джахиз сияқлы көп ғана алым-энциклопедистлер, философлар болды. Олардан ал-Кинди, Замахшари ҳ. б. шықты.
Суфизм - Шығыс халықларының руўхый турмысындағы ең қурамалы ҳәм әҳмийетли қубылыслардың бири. Ол ушын аскетизмге шақырық, байлықтан, дүньяның ийгиликлеринен (мирских благ) бас тартыўға шақырыў.
Биринши мухаддислер (пайғамбар Мухаммедтиң турмыс образын ҳәм ислерин жеткизиўшилер) үлкен абыройға ийе болды. Олар факихлер ҳәм (ҳуқық белгилери, маманлары) болды. Олар әдетте уранның барлық түсиндириўлерин ҳәм оқыўын билди. Сөйтип олар дәўирдиң диний ҳәм ҳуқықый белгилериниң пүтин жыйынтығын өз бойына топлап алғанлар болды. Бирақ Омейядлардың ҳәрекетлери массаның бирден наразылығын болдырып, бирқанша көтерилислерди болдырғанда мухаддислер общинаның ҳуқықын қорғаўы ғана былай турсын, ашық түрде власть тәрепине өтип кетти. Наразылардың арасынан жаңа типтеги мухаддислер шығады. Жаңа мухаддислер мынадай жағдайды көтерип шығады мухаддиске исеним сондай жағдайда болыўы мүмкин, егер ол хадислерди

Страницы: <<  <  25 | 26 | 27 | 28 | 29  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: