жеткизип ғана қоймастан, оларды тутса ҳәм. . . Бул өмир ең алды менен аскеттиң өмири, қудайдың алдында мудамы қандай нәрсе қадаған етилсе, соны тутыў. Мухаддислердиң бул екинши типиниң ишинде аскетлик ағым раўажланып баслайды. Оны суфизмниң биринши урығы деп қарайды. (Қараң. Бертельс Е. Э. Избранные труды. Суфизм и суфистская литература. М. с. qt). Суфизмниң биринши баслаўшылары мухаддислердиң ишинен шыққан қатаң ригористлер болды. Олар Омейядлардың дүньяуй властына оппозицияда болды. «Суфи» термини бул ўақытта еле жоқ. Бул тайпадағы адамлардың әдеттеги атамасы - захид (отшельник) я абид (служитель божий).
Захидлердиң өмиринде ҳадал менен ҳарам арасындағы айырмашылық әҳмийетли орын ийелейди. андай мийнет ҳақы ҳадал деў керек үстинде тартыслар жүрди. Ҳәмме власть ийелеринен я олардың жақынларынан шыққан ис-ҳәрекет ҳарам деп есапланды. Себеби ҳүкимдарлардың байлығы ҳақыйқый маңлай тер, ҳадал мийнет емес, ал күшлеў, зорлаў жолы менен табылған. Ертедеги захидлердиң өмирбаянын қарағанымызда олардың халифлер ҳәм олардың жақынларынан бир нәрсе алыўға бас тартқанлары белгили. Захидлердиң биреўи ҳәттеки өз таўығынан ҳәм ўаз кешкен. Себеби таўық қоңсыға - халифтиң әскериниң үйине ушып түсип, оның дәнин жеген. Ҳүкимдарларды ырза қылыўды олар өзлериниң ўазыйпасы деп есапласа да, олардан бир тислем нан ҳәм алмайды.
Нан ушын мийнет етиўдиң бурынғы захидлер ушын еки жолының (усылының) биреўи буйырылады. Саҳрада жантақ, тикенек (колочки) жыйнаў, оларды сатыў ҳәм суў тасыў. Жантақ ҳәм суў (жәмийетлик сақлағыштики ҳәм дәрьяники) ҳешкимдикиде емес, баҳаға ийе емес. Олар узақлардан алып келгенлиги себепли баҳаға ийе болады. Демек, төлеў товар ушын емес, ал оны алып келгени ушын болады. Басқаша айтқанда, захид өзиниң жеке физикалық мийнетин сатады ҳәм оның сыйлықланыўында басқа би
Страницы: << < 26 | 27 | 28 | 29 | 30 > >>