Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  24 | 25 | 26 | 27 | 28  >  >>

стное решение как свое собственное). Бул теорияға сәйкес ис-ҳәрекетлер қудай тәрепинен жаралады, бирақ ерикли таңлаўға ийе адам арқалы атқарылады ҳәм ийелик етиледи.
«Каламның» теологиялық мәселелериниң раўажланыўында ашаритлер өзлериниң доктринасын мутазалитлердиң позициялары менен традиционалистлердиң доктринасы арасындағы аралық (как промежуточное) сыпатында қарады. Олар жийи-жийи өзлерин мутазилитлерге ашықтан-ашық қарсы қойды, мутазилизмниң оппонентлери менен, әсиресе ханбалитлер менен компромисске барды. Бирақ тийкарынан мутазилизмниң рационалистлик линиясын даўам еттирди. Усы себепли каламның бул еки мектеби арасында қатаң линия жоқ. «Калам» тарийхындағы жаңа этап XIII әсирден, әсиресе мутакаллимлердиң философлар менен ең алды менен Ибн Сина мектеби менен дослық қатнасларының тиклениўи менен басланады. Бул тиклениў мутакаллимлер ушын Шахристани (qqte ж. өлди) Фахриддин ар-Рози, ал екиншилер ушын Насриддин ат-Туси (qwru өлди) жумыслары менен таярланылды. Нәтийжеде, Ибн Халдунның пикиринше, «калам» ҳәм «фалсафа» соңғы мутакаллимлер арасында соншалық дәрежеде сиңисти, бул илимлер бир-биринен ажыралмас дәрежеде болды.
Каламның раўажланыўындағы жаңа басқыш «соңғы калам» (калам ал-мутаъххирин) атқа ийе болып, Байдавидиң, Исфаганидиң (qeriж. өлди), Ижидиң (qettж. өлди), Тафтазанидиң, Джуржанидиң (qrqeж. өлди) ҳәм басқалардың мийнетлеринде көринис тапты.
Ашаризм өз тәрептарларын тийкарынан Ирак, Сирия ҳәм Египетте тапты. Мавереннахрда X әсирден кейин матуридитлердиң - Абу Мансур ал-Матуридидиң избасарларының көп ғана мектеплери болды. Ал Матуриди Самарқандтың қасындағы Матурид аўылында туўылған. Мутакаллим ас-Самарканди аты менен жүдә таныс. Матуриди Ашариден бийғәрез каламның өз системасын қурды. Тутаслай алғанда олардың системалары бир-бирине уқсас. Ашар

Страницы: <<  <  24 | 25 | 26 | 27 | 28  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: