Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  7 | 8 | 9 | 10 | 11  >  >>

анның түслигиндеги будда монастырын қазыўда анықланды) Аджина-тепе. Орайлық Азиядан будда мәденияты Қытай, Япония, Кореяға тарады. ытай текстлеринде онлаған будда монахлардың (Бактрия, Согда ҳәм Парфиядан шыққан) атлары бар. Олар диний трактатларды қытай тилине аўдарған. Гейбир изертлеўшилердиң пикирлеўинше, Орайлық Азия монахларысыз ытай II-IV әсирдеги буддизм туўралы ҳеш нәрсе билмеген болар еди.
Орайлық Азияда Ваибхашиктиң будда мектеби тарқалды. Олардың гносеологиясы сыртқы дүнья объектив характерге ийе. Оны танып билиў сезим органларының жәрдеминде әмелге асырылады. Затлардың субстанциясы сыпатында бес турақлы элемент хызмет атқарады. Барлық объектлер тийкарынан-атомлар. Гейде ваибхашикларды тиккелей реализмниң ўәкиллери деп деп атайды. Соның менен бирге ваибхашиклар будда дининиң бир бағдары. Ваибхашиклердың пикиринше, Будда әпиўайы адам, белгили ўақыттан кейин өмир сүриўин тоқтатты. Бирақ онда қудайлық элемент - шынлықты танып билиў интуициясы басым болды.
Орайлық Азияда буддизм менен бирге индиялық дүньяўий илим ҳәм мәденият таралды. Араб халифатына индия мәденияты хәм илиминиң тәсир етпестен ярым мың жыллар бурын Орайлық Азияның мәдениятына ҳәм илимине тәсири болды (еле Кушан дәўиринде ақ).
Манихейлик
Б. э. ш. II-III әсирлерде қуллық дүзим феодализмниң пайда болыўы менен кризис ҳәм жоқ болыў фазасына өтеди. Кризислик жағдайлар Месопотамияда, Иранда жүдә сезиледи. Кризистиң идеялық көриниси сыпатында зороастризмниң жаңа избасарларының бири манихеилик пайда болады. Оның тийкарын салған Мани. wqy я wqu жылы Вавилонда туўылған. Арамей, парсы тиллерде бирнеше диний ҳәм этикалық характердеги трактатлар жазған. Манихей жазыўы деп аталған алфавит ойлап табылды.
Зороастризм дининиң басындағылар Мани тәлийматын душпанлық пенен қарсы алды. Ол қуўғы

Страницы: <<  <  7 | 8 | 9 | 10 | 11  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: