ктерге ийе жақсылық ҳәм жаманлықтың ақылға сыйымлылық пенен қараңғылық пенен гүреси. Оның философиясы бойынша тәбият үш элементтен турады суў, от, жер. Булардың араласыўы ҳәм унамлы ҳәм унамсыз қубылысларға алып келеди. Жақсылық пенен жаманлықтың арасындағы гүресте жақсылықтың жеңиси жақтылықтың қараңғылық үстине жеңиси тәмийнленеди.
Маздакизмниң социаллық программасы ҳәмме адамлардың ҳуқықлары теңлестирилиўи, тутыныўдағы теңлик, мүлктиң теңлиги әсиресе, жерге теңлик. Булардың ҳәммеси дийқанлар массасының мәпин қорғайды. Басында шах Ковада I буны өзиниң властын күшейтиўге пайдаланыўға, ири феодаллар ҳәм зороастристлик жрецлердиң сепаратизм менен гүресте пайдаланыўға умтылды. Бирақ ҳәрекеттиң кем-кем күшейиўи, радикал талаплардың қойылыўы оны қорқытты. Оны бастырыўға мәжбүр болды.
Бирақ маздак ҳәрекетин басып таслаған менен оның идеялары Иран, Орайлық Азия ҳәм Азербайжан территорияларына халық массасының гүресиниң байрағы сыпатында даўам етти. Орайлық Азияда маздакизм идеясы XII әсирге шекем даўам етти. (Очерки истории общественно-политической мысли в Узбекистане. Ташкент, qouu. с. wt).
Қызығарлық момент зороастризм еки басламаның гүресин жақсылық ҳәм жаманлықтың, жақты менен қараңғылық гүреси, теңликтиң маздаклық социаллық идеаллары, мүликтиң ҳәм тутыныўдың бирлиги идеясы. Палестинада еки әсир аралық. өмир сүрген Кумран общинасының идеологиясына сәйкес келеди.
Гейбир жуўмақлар
q) Солай етип, VII-VIII әсирлерде, исламның ениў қарсаңында Орайлық Азия халықларының үлкен болып ҳәр түрли формадағы зороастризмди, әсиресе, маздакизм ҳәм манихейликти пропагандалады.
w) Дүньяға көз-қарас, мораль усы система арқалы байланысты.
Таза философиялық системаларды, тәлийматларды бул дәўирлерге байланыссыз қараў қыйын.
Орта әсирлер мусылман шығысыны
Страницы: << < 9 | 10 | 11 | 12 | 13 > >>