нға ушырап, Ираннан қашты. Қашып жүрип ақ, тәлийматын нәсиятлап, Мани өзине көп пикирлеслер тапты. Буннан сескенген зороастристлик дин басындағылар (жрецлер) wue жыл Ктесифонға философиялық дискуссияға шақырды. wut-жылы тюрьмаға тасланып, wuy жылы өлтирилди. Манихейлик жақсылық ҳәм жаманлық басламаға тийкарланып, дуализмге бағдарланады. Оған христианлық ҳәм гностицизм тәсир етти.
Манихейлик тәлийматы әпиўайы дийханлық демократизмди үгитледи. Бул жаңа жағдайда Авестаның ертедеги қабатының - Заратустраның тийкарғы концепциясының қайталаныўы еди. Бул концепция жәбир көрген дийханларды жақлағаны ушын зороастризмге тутаслай алғанда жақпады. Ал зороастризм болса бизиң эрамыздың басында ақ ерте феодаллық жәмийеттиң идеологиясына айналып үлгерген еди. Манихеилик тәлийматтың дийханлық-демократиялық характери оның Месопотамия, Сирия, Египет ҳәм Рим империясының Шығыс областларына III әсирде ҳәм бизиң эрамыздың соңғы әсирлеринде кең тарқалыўына жағдай дүзди. Бирақ манихеилиқ гүрестиң анаў я мынаў ҳәрекетин бийкарлады гүрестиң пассив формаларын ғана үгитледи. Майда секталарға бөлинип кетти. Бул христианлық сектанрдың пайда болыўына тәсир етти.
Маздакизм
Феодализм буннан соңғы әсирлерде Орайлық Азяи ҳәм Иранда раўажланыўын даўам етти. Дийқанларды қуллыққа салыў күшейди ҳәм бул класслық қарама-қарсылықты күшейтти. Урыслар, өнимниң болмаўы, стихиялы жағдайлар бул процесслерди жүдә күшетип, феодалдың сиясатынан дийқан массасының наразылығы күшейди. Бул қарама-қарсылық сәўлелениўи жаңа диний-философиялық бағдар-маздакизм болды.
Маздак - жрец. two жыл өлтирилди. Дәслеп Маздак зороастризмниң жреци сыпатында Иран шахы Ковада I диң (rii-twi) сарайына жақын болды ҳәм оны реформаның зәрүрлигине исендирмекши болды.
Маздакилериниң философиялық концепциясы дуалистлик хара
Страницы: << < 8 | 9 | 10 | 11 | 12 > >>