Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  6 | 7 | 8 | 9 | 10  >  >>

оматиялық тракт - Уллы жипек жолы өтти. Бул дәўирде теңизде жүриўшилер Васко да Гаин дейин мың жыллар бурын Индия океаны бойынша регуляр дәрежеде римлилер жеңип алған Египет пенен Кушан державаларының теңиз дәрўазалары - Батыс Индияның портлары арқалы қатнаслар болды. Бул дәўирде Орайлық Азияның дәрьялар аралығынан Шығыс Европаға дейин далаңлықлар арқалы жол болыўы итимал.
Кушан дәўири ушын ҳәр түрли этномәдениятлық дәстүрлердиң, диний система ҳәм ағымлардың узақ бирге жасасыўы характерли. Буған диний шыдамлылық сиясаты ҳәм жағдай жасады. Мәселен Кушан ҳүкимдарларының теңгелеринде көринис тапқан кушан пантеонында, мәселен Конишке теңгесинде индия, иран ҳәм эллинистлик пантеонлар менен байланыслы қудайлардың бийнесин көремиз. Әдалатлы Мишра менен өнимдарлық қудайы Орлохино, урыс қудайы Веретрогна, идуясы Шива ҳәм Будда.
Кушан империясында ҳәр қыйлы диний тәлийматларды буддизм, джайнизм, шиваизм, зороастризм ҳәм басқада жергиликли исенимлер, қәўимлердиң культлары жер жүзлик цивилизация тарийхындағы қубылыслардан есапланады.
Тап Кушан дәўиринде буддизм макаяма формасында раўажланды ҳәм Орайлық Азия ҳәм Узақ Шығыс еллерине тарқалды.
Буддизм Орайлық Азияда. Буддизмниң Орайлық Азияда тарқалыўы жергиликли традицияларды жутып жибериў болмады. Бул өз-ара тәсир, тарнсформациялар менен байланыслы. Бул мәселен, храмлық архитектурада көринеди. Бактриядағы будда храмлары (соңынан улыўма Орайлық Азияда улыўма) қурылысы, планировкасы бойынша кушанға дейинги ҳәм ерте кушанлық индияның сыйыныў орынларын қайталаў емес, ол алдыңғы ҳәм Орта Азия ушын характерли храмлық комплекслер болды (өзинше томаға-туйық сыйыныў орны тар коридорлар ҳ. т. б. ). Қара тепедеги қазыў пайытында анықланды. Бул Орайлық Азия буддизминдеги жергиликли ағыс сол ўақытлары ҳәм даўам етти. (Тәжикст

Страницы: <<  <  6 | 7 | 8 | 9 | 10  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: