мди тутқан адам алты түрли қылмыстан бойын аўлақ сақлаўы тийис урлық ҳәм тонаў, кисиниң мүлкине қол салыўшылықтан ҳ. т. б. аўлақ болыў. Буннан басқа әҳмийетли моральлық нормаларға тийислилери
ҳаялдың еки қабат ҳәм босаныў ўақтына ғамқорлық етиў, басқа ҳаялларға көз салмаў, жерди ислеў ҳәм суўландырыў, дарақ егиў, суўдың дәреклерин, аўқатланыўдың дәреклерин, тазалықты сақлаў, малларды көбейтиў, балаларды өз ўақтында үйлендириў, әрип-қәсерлерге артық затты бериў, пайдалы ҳайўанларға ғамқорлық.
Зороастра тәлийматы пүткил Жақын Шығыста үлкен әҳмийетке ийе болды. Персилер империяның барлық жерлеринде ҳәтте ираный емес халықлар бар жерде ҳәм жоқарғы постларды ийеледи. Олар жасаған жерлерде ҳәм зороастризмди тутыныўшылар болды. Руханийлер ҳәм оларға келиўшилер динниң проблемаларын талқылай алды ҳәм көп узамай зороастризмнен көп нәрселер Египеттен ара теңизге дейинги көп еллерге тарқады. Бул көз қараслар бойынша жоқарғы алла таала бар, ол-Дөретиўши, оған қарсы ҳәм бағынбайтуғын жаман күшлер бар. Дөретитиўши бул дүньяда белгили мақсет пенен жасады ҳәм оқыў ҳәзирги жағдайында бул дүнья ахыйрға ийе, ол дүньяны аман алып қалыўының келисими сыпатында жарияланады. Бейиш ҳәм дозақ өмир сүреди ҳәм ҳәрбир жан өлимнен кейин судланады. Ақырында өлилер тирилип, пүткил гүна ислегенлердиң үстинен оларды жоқ қылыўдан соңғы суд болады. Соңынан жер бетинде қудайдың патшалығы орнап, ҳақыйқатлықты аўыллар менен бағда жүргендей бул патшалыққа киреди. (бағ-парсыша парадайза-бейиш) ҳәм мәңги бәҳәрде ийе болып ләззетленеди ҳәм денеси ҳәм руўхы өлмейди.
Бул көз-қараслар ҳәр түрли иудейлик секталар арқалы ҳәм өзлестирилди. Иудейлер азшылық болып, өз исенимине ийе болсада перслерден көп нәрсе аса алды. Себеби перслердиң диниде өзлерине ийе болды. Көп ғана пунктлар бойынша иудаизм ҳәм зороа
Страницы: << < 4 | 5 | 6 | 7 | 8 > >>