Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  71 | 72 | 73 | 74 | 75  >  >>

тлериниң нызамларын ашыўға умтылды. Бақлаўдың тийкарғы қурасы -секстант болды. Бул қурамның жәрдеминде, жылдың анық муғдары - eyt сутка y саат q0 минут i секунд есапланады.
Улуғбек тек күнниң ҳәм айдың тутылыўын есаплаўдың усылларын жақсы үйренип қоймастан, оннан да анығырақ өзиниң методын ислеп шықты.
Улуғбек тийкарын салған астраномиялық мектеп сол дәўирдиң илимий көз-қарасларының қәлиплесиўинде үлкен роль ойнайды. Улуғбек дөгерегине талантлы алымлар жыйнайды. Астоаномия бойынша басқа еллерден жақсы қәнигелер шақырылады. ашаннан Гиясиддин Джамшид ал Каши (qre0 ж. өлди) шақырылды. :лкен астраном ҳәм математик болды. Ол «Сулланус-само» (Аспанға баспалдақ), «Рисола ал-муҳимий» (Дөңгелек шеңбер туўралы трактат), «мифтох-ул ҳисоб» (Арифметиканың жолы) мийнетлериниң авторы. Ал-Каши оныншы дроб (десятичные дроби) ашқан. XVI әсирден баслап десятичные дроби Европа математиклериниң мийнетлеринде қолланылып баслайды.
Улуғбек өлиминен кейин оның исин шәкирти даўам етеди. Ең белгилиси - белгили математик ҳәм астраном Али - Кушчи (qr0e-qrur) болды. Оның тийкарғы шығармасы «Астраномия туўралы трактат».
Али-Кушчи объектив дуньяның барлығына исенеди, материаллық затлар ҳәм қублыслардың, денелердиң ҳәрекети ҳәм олардың қарапайымнан қурамлығына қарай раўажланыўы бойынша пикир айтты.
Суфизм философиясы ҳәм Нақшбандия тәлийматы
Бахоуддин Муҳаммад б. Бурханаддин Муҳаммад ал Бухари Нақшбанд (qeqi-qeio) -Орайлық Азиялық суфизмниң XIV әсирдеги ири ўәкили. Оның өнеринен (нақшбан-чеканщик) нақшбандия суфизм туўысқанлығының атамасы келип шығады. Бирақ ол туўысқанлық (братство) оны нақшбандияның тийкарын салыўшы деп есаплайды. Ол нақшбандия шынжырындығы басшылардың бесикшиси. Нақшбандияның руўхый тийкарын салған адам ходжа Юсуф ал-Хамадани (qqr0ж). Ол Абухалик ал Толд

Страницы: <<  <  71 | 72 | 73 | 74 | 75  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: