иваниди (qqi0 жылда) тәрбиялады.
Нақшбанд Касрп Ҳиндистан семьясында (соңынан оның ҳүрметине ылайық Каср арифанға өзгеритилген) туўылды. Бул жер Бухарадан онша узақ емес.
Дереклерге қарасақ, Нақшбанд азға разы, ерикли жарлылыққа разылықты нәсийқатлаған. Ол өзи нанды мийнети менен жеген адам. Гөне сабаннан тоқылған төсекке ақ, сынық қумға ақ разы болып, суфи ушын хызметкер алыўды гүнә деп есаплады.
Ол өлиминен кейин қәсийетли муқаддес адам деп мойынлады. Оның қәбириниң үстиндеги мавзолей зиярат ушын жүдә кең таралған жер болды.
Нақшбанд ходжаганлар жолы менен киятырған общинаның басына шығып, келешектеги нақшбандия туўысқанлығының тийкарын салды ҳәм бул оның мийрасхорлары тусында ақ әбден қәлиплести. Ол Абдухалик ал Гиждуванндың дәстурлерин ҳәм көз-қарасларын қайтадан тикледи ҳәм даўам еттирди. Ал-Гиждивуани ўақтында ламатия ағымының идеяларын қабыллаған еди. Ол өзиниң тәлийматында жергиликли мистицизмниң еки мектебиниң қәделерин Аҳмад-Яссаўи ҳәм Абулхати ал- Гиждивуани мектеплериниң дәслеп атларын бириктирди. Нақшбанди тәлийматы Орайлық Азияда туркий қәўимлер арасында сунна исламын тарқатты ҳәм беккемледи.
Нақшбанд ҳақыйқый мистикти екинши тәрепке қарай буратуғын көз бояма кудайшыллықты ҳәм дәстурди бийкарлайды. Мәселен, қырық күнлик пост (мәселен бир нәрсеге тыйым), қаңғыбаслық, дийўанашылық, көпшиликтиң көзинше музыка менен қосық айтыў ҳәм ойсызлық пенен пикир салыў, қатты зикир.
Рухый (тазалық, сықмарлықтан бас тартыў, властьтағылар менен ҳеш қандай қатнаслардың болмаўы, орталықта (обительде) жасаў оның тийкарғы талабы. Суфий Пайғамбардың суннасына қатаң бағыныўы тийис, оның исин алып барыўшыларға бағынып, шариаттың барлық буйрықларын орынлаўы тийис. Ал-Гиждивинидиң сегиз принципине (катимати кудсийа) Нақшбанди тағы үшеўин (бул он бир жа
Страницы: << < 72 | 73 | 74 | 75 | 76 > >>