изм, индукция ҳәм аналогия ҳаққында айтады. Соның менен бирге индуктивлик жол менен арттырылған билим ҳәмме ўақыт ҳақыйқатқа туўры келе бермейтуғынын айтады.
Булардың ҳәммеси Журжонийдиң Орайлық Азия ҳәм Иран жәмийетлик-философиялық ойының раўажланыўына үлкен үлес қосқанлығын дәлийиллейди.
Мырза Улуғбектиң илимий – философиялық көз-қараслары
Улуғбек жас уақтынан баслап Платон, Аристотель, Гиппократ, Птолемей, Муҳаммад Хоразмий, Ахмад Фарғаний, Беруний, Ибн Сина ҳәм басқалардың шығармаларын үйренген. Ол ҳүкимлик қылған уақытта Самаркандта медреселер ҳәм мешитлер, түрли илим орайларын қурғызған. qrwt-qrwi жыллары қурылып питкерилген обсерватория заманогөй еди. Улуғбек өзиниң асторономиялық бақлаўларын таблицада көрсетип, онда q0qi (яғный q0qo) жулдыздың анық координаталарын береди. Көплеген жулдызлардың атларын берип тәрийиплейди де.
Улуғбек өзиниң ағартыўшылығы менен ҳәм белгили. Ол Бухарада қурғызған медреселердиң биреўине араб тилинде «ҳәр бир мусылманның илим үйрениўи ҳәм қарыз ҳәм парыз» деп жаздырған. Улуғбек «Чиҳл устун», «Боғи майдон» сияқлы бир неше бағ орнатқан.
Улуғбек искусства шеберине ҳәм шайырларға ғамқорлық көрсеткен. Низамийдиң «Хамсасын» көп ўақыт мутасала қылған еди. Мағлуматларға қарағанда, Улуғбек музыка жаратып қосықлар жазған.
Улуғбек заманының алымлары әдебий ҳәм искусство шеберлигиниң жоқары баҳасына ийе болған еди. Логиканы, музыканың тийкарын, әдебият теориясын жақсы билген.
Улуғбектиң изертлеўлери астраномияның раўажланыўында үлкен роль ойнады. Ол жер шарының қәлеген точкасының географиялық координаталарын анықлаўдың нызамлықларын көрсетиўге умтылды. Күнниң ҳәм айдың тутылыўының алдын-ала болжаўдың методларын ислеп шығыўға умтылды. Сондай-ақ жылдың ўақытының өзгериўинниң нызамлықларын, аспан денелеринниң ҳәреке
Страницы: << < 70 | 71 | 72 | 73 | 74 > >>