Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  64 | 65 | 66 | 67 | 68  >  >>

I-әсирдиң биринши шерегинде жасаған түркизибан дөретиўши уллы тулғалардың бири.
Тарийхтан белгили болғанындай, түркий халықлар өз тарийхында бир неше ири салтанатларды дүзген. Солардың бири Қараханийлар мәмлекети есапланады. Қараханийлар салтанаты түркийлер дүзген мусылман мәмлекети болып табылады.
IX-әсирден баслап Хаканийлар дәрежесин алған ҳәм ғәрезсиз мәмлекет ийеси болған. Қараханийлар, X-әсирдиң орталарында өз хаканлары Сотуқ Буғраханның ислам динин қабыл еткенинен соң, мусылман болып жасаған. Қараханийлар X-әсирдиң ярымынан XI-әсир ақырларына шекем Орта Азияның уллы ҳәм қүдиретли мәмлекети сыпатында өмир сүрген. Әсиресе, Муса Буғраханның иниси Харун Буғрахан ҳүкимдарлық еткен дәўирде бул мәмлекеттиң даңқы, оның социаллық-экономикалық, мәдений ҳәм сиясий күш-қүдирети жоқарылап, басқарыў шегаралары кеңейип барады. Харун Буғрахан мәмлекетти қырық жыл даўамында басқарған. Ол дәслеп Ферғананы қолға киргизеди, соң Самарқандты ийелеп, Бухараға қарай жүрис баслайды.
Бухарадағы Саманийлар мәмлекетиниң ҳүкимдары Амир Нуҳ Харунға урыссыз тәслим болады ҳәм қаланы таслап қашып кетеди. Харун Самарқандты Батыс Түркистанның орайына айландырады ҳәм Маварауннаҳр еллерин өзине қаратып ала баслайды.
Қараханийлар дәўиринде Қашғар, Баласағун, Самарқанд, Бухара сыяқлы қалалар ири илим ҳәм мәденият орайларына айланады. Харун Буғрахан медресе ҳәм китапханалар қурылысына үлкен итибар береди. Ол илимпаз ҳәм дөретиўши алымларды өз ғамхорлығына алып, дөретиўшиликлери ушын кең имканиятлар жаратып береди.
Қараханийлар салтанатында мәмлекетлик ҳәм сарай тили түркий тили болған. Себеби, қараханийлар қол астындағы халықлардың көпшилиги түркий қәўимлер еди. Бул өз нәўбетинде түркий тилдеги әдебияттың раўажланыўына ҳәм баҳалы шығармалардың жүзеге келиўине жол ашты. Усы дәўи

Страницы: <<  <  64 | 65 | 66 | 67 | 68  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: