Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  66 | 67 | 68 | 69 | 70  >  >>

қан,1 ал айрым китапларда ҳәзирги Чимкент ўәлаятына қараслы,2 Түркистан қаласы жанындағы Жүйнек3 селосы деп келтириледи. Демек, Югнак қай жерде жайласқан? деген сораўға бир келисимли жуўап жоқ десек те болады. Профессор Н. М. Маллаев Югнак (ямаса Юғноқ) деген жер Ферғана кеңислигинде, Түркистан ҳәм Самарқанд әтирапларында да болған. Лекин Ахмад Югнакийдиң булардың қайсы биринде туўылғанлығы анық емес4 – деп көрсетеди. Әлбетте, Югнактың географиялық орны, қай жерде жайласқанлығын белгилеў бизиң ўазыйпамыз емес. Деген менен, көпшилик илимпазлар, мәселен, Абдурауф Фитрат, Р. Р. Арат, В. В. Бартольд, М. Ф. Кўпрулулардың пикирлерин қуўатлап, Югнак Самарқанд қасында жайласқан деп есаплаймыз.
Амир Сайфиддинге арнап жазылған дереклерде Адиб Ахмад ҳаққында төмендеги мағлыўматлар бар:
Адиблар адиби, фозиллар боши,
Гуқартни сўз айтмиш, этин сўз боши,
яғный, Адиблердиң адиби, пазыллардың басы гаўхардан сөз айтып, гөззал сөзлер ойлап шығарды – делинеди. Буннан Адиб Ахмадтың атақлы шайыр ҳәм пәзийлетли адам болғанын билиўге болады.
Аты белгисиз шахс тәрепинен жазылған дереклерде Ахмадты көзи әззи болғанлыгы ҳәм китаптың 14 баптан ибарат екенлиги айтылады.
Тўға кўрмас эрди адибтиң кўзи,
Тузатти бу ўн тўрт боб ичра сузи. 1
Алишер Наўайы да Адиб Ахмадтың туўылма соқыр болғанлығын көрсетеди. 2
Ахмад Югнакий ҳаққындағы мағлыўматларды оның өзиниң Ҳибатул-ҳақойиқ дәстанынан бираз толтыктырыўға, шайыр жасаған дәўир ҳаққында пикирге ийе болыўға жәрдем береди.
XIV әсир ақырында XVI-әсирлерде Орайлық Азиядағы философиялық көз-қараслардың жаңа басқышта раўажланыўы.
Орайлық Азияда монғолллар дәўири. әө0 жыл даўам етти. Бул аўыр жыллар болды.
Үргенчти суўға бастырды, жер менен бирдей етип тегиследи. Самарқанд халқының төрттен үш бөлегин қырып т

Страницы: <<  <  66 | 67 | 68 | 69 | 70  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: