Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  63 | 64 | 65 | 66 | 67  >  >>

>Ол ҳәкимлерге әдалатлы болыўын кеңес берди. Ақыры, нызамсызлық, бассыныўшылық халықтың қозғалаңына алып келеди. Оның пикиринше, ҳәкимлердиң өзлериниң әдеп-икрамлық жақтан жетилиўи керек. Сондай ақ әдеп-икрамлық жетилисиў тек патшалар ушын емес, ал оның қараўындағылар ушын ҳәм керек. Бул мәмлекеттиң сиясий жақтан беккемлениўине алып келеди. Бундай мәмлекетте басқарыўдың тийкарғы нормасы ақыл-ой ҳәм әдиллик болады. Басқарыўдың бул системасы ғалаба бахытқа ҳәм адамлардың абаданлығына алып келеди. Адамлар арасында моральдың улыўмаадамзатлық нормаларын тастыйықлаў зәрүр болады.
Юсуф Баласуғунға халық ушын гүллеп-жаснаған өзинше идеал мәмлекетти жасаўға умтылды.
Бул мәмлекетте Хас Хаджибтиң пикиринше, ҳәр бир адам өзиниң ўазыйпасын берилип атқарып турады. Оның пикиринше, ҳәким саўатлы, ақыллы, ақыл-ойға ийе (угут), билимлерге (билиг), пәнге (рассудок) ийе болыўы керек.
Юсуп Хас Хаджибтиң пикиринше, ҳәким саўатлы адам болыўы тийис. Ал әййемги түркий естеликлерде көшпели әскерий-демократиялық мәмлекетлерге тән нәрсе ханның жеке батырлығы, әскерий билимлери, әскербасылық талапты ғана зәрүрли еди.
«Кутадгу билигте» ҳәкимниң ақыл-ойы биринши илимге шығады ҳәм илимниң көмеги менен басқарыўға көбирек дыққат бөлинеди.
Жәмийеттиң социаллық қатламларының маўасалығы ҳәм усы тийкарда әдил ҳәм гүллениўдеги жәмийетти жасаў-Юсуф Хас Хаджибтиң китабының бас идеясы.
Ойшылдың пикиринше, дүньяда жақсылықтың еки түри, жаманлықтың еки түри бар.
Биринши-жақсылық ҳәм жаманлық-туўма, екиншилери-өмирден алынғанлар. Усыған сәйкес адамлардың ҳәм еки түри бар-жақсылар ҳәм жаманлар (тәбияты бойынша и орта тәрбияланған).
Хас Хаджиб сөйлеў мәдениятына дыққат бөледи.
Ахмад Югнакийдиң диний-философиялық ҳәм этикалық ойлары
Ахмад Югнакий XII-әсирдиң ақыры XII

Страницы: <<  <  63 | 64 | 65 | 66 | 67  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: