менен әззилер арасында әдилликти орнатыў.
Соның менен бирге Беруний бирде-бир халық сада, надан ҳәм басшылардан азат емес.
Беруний елдиң гүллениўи илим ҳәм оның гүллениўи менен байланыслы. Адамның жоқарғы бахты-билиўде. Себеби ол ақыл-ойға ийе.
Беруний миллий ҳәм диний шеклениўшиликлерге қарсы шықты. Оның ойынша миллий ҳәм диний шеклениўшиликлер халықлар арасында дурыс өз-ара қатнасларды орнатыўға кесент береди.
Беруний адамдағы жақсы ислерди улығлады. Оның пикиринше, адамның руўхый келбети, оның турмыс қәлпи адам арқалы, оның тәрбиясы, руўхый мазмуны арқалы белгиленеди.
Ибн Синаның философиялық көз-қараслары
Юсуф Хас Хаджибтиң этикалық көз-қараслары
XI-әсирдиң белгили шайыры ҳәм ойшылы. Баласугун қаласында туўылды. Баласугун қараханийлердиң административлик-сиясий орайларының бири. «Кутадгу билиг» (Бахыт инам етиўши билим). Оның үш түри (гератлы, каирлы ҳәм ташкентли) бар.
Бирақ бул поэма бизге дерлик толық жеткен.
Автор оны Қашғардың ҳәкимине арнайды. Бул ушын оған Хас Хаджиб деген атақ бериледи. Хас-Хаджиб уллы ханның айрықша кеңесгөйи дегенди аңлатады.
Хас Хаджиб-жоқары саўатлы адам. Адамның ақыл-ойына, рационаллық ойлаўға көбирек кеўил бөледи.
Өзиниң этикасында жердеги адамның моралын нәсийҳатлайды. Оның поэтикасының қаҳарманлары ҳәким Кюн-Тогды (Күнниң шығыўы)-әдалатлықтың символы (Адль), ўәзир Ай Толды (Толық Ай) - бахыттың символы (Дәўлет), үәзирдиң баласы Огдулмуш (Мақтаўлы) - ақыл-ойдың символы (Угут). Булар ойдан табылғанлар болса ҳәм реаль өмирдиң ўәкиллери болады.
Ойшылдың пикиринше адам тек жәмийетте ғана жетиледи.
«Адамға пайда келтирмейтуғын адам-өлим» дейди Хас Хаджиб. Ол мийнеткеш халықты (жер ислеўшилерди, малшыларды, өнерментлерди) жер бетинде барлық ийгиликти жаратыўшы деп баҳалады.
Страницы: << < 62 | 63 | 64 | 65 | 66 > >>