рлерде Махмуд Қашғарийдиң Девону луғатит түрк, Юсуп Хас Ҳажибтиң Кутадғу билик, Ахмад Югнакийдиң Ҳибатул-ҳақойиқ шығармалары жазылады. Бул шығармалардың ҳәр бири өзине тән мазмунға ийе болып, көркемлиги, идеялардың тереңлиги, реаллықты қабыл етиў ҳәм сәўлелендириўдиң усыллары менен айырылып турады.
X-XII әсирлерде түркий әдебиятларда әдеп-икрамлық мәселелери, әдеплиликти нәсиятлаў, адамгершилик пәзийлетлерине шақырыўшы дидактикалық шығармалар кең орын алады. Ахмад Югнакийдиң Ҳибатул-ҳақойиқ шығармасы оның айқын мысалы болады.
Ахмад Югнакийдиң өмири ҳәм искерлиги ҳаққында жүдә аз мағлыўмат сақланып қалған. Оның өмири, социаллық турмысы ҳәм басқалары мәлим емес. Ҳибатул-ҳақойиқтың айрым бөлимлеринде ҳәм оның нусқаларына басқалар тәрепинен жазылған қатарларда шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында аз болса да, мағлыўматлар берилген.
Ҳибатул-ҳақойиқтың текстинде шығарманың жазылған жылы, орны, ҳәтте аты да көрсетилмейди. Тек ғана бир байтында ойшыл өзиниң атын тилге алады:
Адиб Ахмад айттим адаб, панд сўзим,
Сўзим мунда қолур, борур бу ўзум.
Адиб Ахмад сөзлери адиблик-шайырлық Ахмад Югнакийдиң тийкарғы кәсиби болғанлығынан дерек береди. Дәстанның бир нусқасындағы XV-әсирде жасаған темурийлердиң әўладларынан болған Арысланхожа Тархан жазбаларында төмендеги мағлыўматлар бар:
Адибниң ери оти Югнак эрур,
Сафолик ажиб ер, кўнгуллар ёрур.
Атоси оти Махмуди Югнакий,
Адиб Ахмад уғли, йўк, ул ҳеч шаки.
Китобининг от эрур Ҳибатул-ҳақойиқ.
Демек, бул жазбалардан белгили болғанындай, шайырдың аты Адиб Ахмад, атасының исми Махмуд, тууылган жери Югнак, китабының аты Ҳибатул-ҳақойиқ (Ҳақыйқатлар сыйлығы) деп аталады.
Махмудтың улы Ахмад Югнак қаласында туўылған. Югнак қаласы тарийхый дереклер бойынша Самарқанд жақынында жайлас
Страницы: << < 65 | 66 | 67 | 68 | 69 > >>