Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  51 | 52 | 53 | 54 | 55  >  >>

ўлар, пикирлерди классификациялаў баҳалы. Әсиресе Фарабидиң предикат билиўлерди қатнаслы (олар предикатлар болады) бөлиўге умтылысы ҳәм айрықша дыққатқа ийе.
Фараби ойлаўдың қурамлы, қыйын формасы - ой жуўмағына үлкен дыққат бөлди. Дәслепки билимлер ҳаққында тәлийматы (Учение о первоначальных знаниях) - ҳақыйқый, дедуктив ой жуўмағында тийкарғы момент бола алатуғын тәлиймат оригинал характерге ийе. Силлогизмниң биринши тийкарын қарайтуғын дәлиллеў аргумент болатуғын бул шынлықлар төртеў: макбулат (установление), машхурат (общепринятие), махсусат (частные ощущение, чувтвенные знания), макулати аввал (первичные категории, аксиомы).
Фарабидиң жумысларында силлогизмниң дүзилиси ҳәм формалары, логикалық қәтелердиң пайда болыў себеплери қарама-қарсылық емеслик, тийкардың жеткиликли нормалары ҳ. т. б. баҳалы пикирлери бар.
Фарабийдиң социаллық-этикалық көз-қараслары
Орта әсир ойшылларының ишинде бириншилерден болып жәмийетлик өмирдиң өзгешеликлери ҳәм дүзилиси туўралы тәлийматты ислеп шықты. (Фараби. Трактат о взглядах жителей добродетельного города. Каир. qo0t. , Он же. О достижениях счастья. Хайдарабад, qowy. и др. ). Оның бул хызмети жер жүзилик илимий әдебиятта мойынланған өзиниң жумысларында Фараби көп ғана мәселерди көтереди: q) жәмийетлик өмир ҳаққында илимлердиң предмети ҳәм ўазыйпалары w) Жәмийетлик бирлеспелердиң келип шығыўы, қуралы ҳәм түрлери, адамзат жәмийетиниң формасы, бул мәселелер бойынша, Фарабидиң көз-қарасынша, қәте теорияларды криткалаў.
e) Қала-мәмлекет, мәмлекетлик бирлеспелердиң өзгешеликлери ҳәм турмысы, мәмлекеттиң функциялары ҳәм оны басқарыў формалары. r) Жәмийетте адамның орны ҳәм мийнетлери, интеллектуаллық, әдеп-икрамлық тәрбия мәселелери. t) мәмлекетлик бирлеспениң ўазыйпалары ҳәм тийкарғы мақсети, ғалаба бахытқа жетисиў

Страницы: <<  <  51 | 52 | 53 | 54 | 55  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: