диң жоллары ҳәм усыллары.
Жәмийетлик турмыс туўралы илимлерге Фараби қала-мәмлекет ҳаққындағы, демек, сиясий илимди (ал мадания), юриспруденцияны (фикх) ҳәм мусулман теологиясын (калам) жатқызады.
Мәмлекетти басқарыў, Фарабидиң пикиринше, еки типте болады мәмлекеттиң турғынларын ҳақыйқый бахытқа ҳәм иллюзорлық, жалған бахытқа алып келетуғын басқарыў.
Басқарыў искусствосы басқарыўдың улыўма нызамларының теориялық билимлерин ҳәм басқарыўдың практикалық искерлигин ҳәм талап етеди. Теориялық билимди практика менен ушластырыў ҳәр бир конкрет жағдайда мәмлекетти дурыс басқарыўға мүмкиншилик береди.
Фараби этиканы ҳәм педагогиканы өзлеринше илимлер сыпатында бөлмейди. Олар сиясий илимниң бөлеги. Бул илим ғалаба бахытқа жетисиўдиң жолын белгилеўи тийис. Этика- адамның, жәмийеттиң ағзаларының әдеп-икрамлық ис-ҳәрекетлери туўралы билим, ал сиясий илим-улыўма жәмийеттиң барлық ағзаларының нравларын, поступокларын басқарыў туўралы билим.
Фараби жәмийеттиң келип шығыў проблемасын байланыслы адамлардың жәмийетке бирлесиўи урыслар ҳәм күшлеў, зорлаўлардың нәтийжесинде әмелге асырылған деген пикирди натыўры деп есаплайды. Жәмийет адамлардың өзлериниң талапларын қанаатландырыўға умтылыў нәтийжесинде пайда болған жәмийет адамлардың өмир сүриўи ушын зәрүрли. (См. Фараби. Трактат о взглядах жителей добродетельного города//В кн. Григорян С. Н. Из истории Средней Азии и Ирана VII-XII веков. М. , qoyq. c. qey)
Жәмийет бир-биринен өзлериниң әдетлери, нравлары, характер ҳәм тили менен айрылып туратуғын халықлардан турады. Ҳәрқыйлы халықлардың нрав ҳәм характерли белгилериниң өзиншелигин Фараби олар жасап турған географиялық шараятлардың өзгешеликлери менен түсиндиреди.
Фараби қала-мәмлекетлерди пазыйлетли ямаса идеаллық ҳәм надан деп бөледи. Идеаллық қала-бул
Страницы: << < 52 | 53 | 54 | 55 | 56 > >>