сондай қала, ол турғынлардың өз-ара жәрдеми тийкарында жасайды.
Қала-мәмлекет сыртқы ҳәм ишки ўазыйпаларды шешеди. Сыртқы ўазыйпалар - бул қаланың қорғанысын шөлкемлестирип, оны сыртқы топылыстан қорғаў. Ишки ўазыйпалар - оның турғынларына бахыт бағышлаў.
Фараби басқарыўдың үш формасын атап көрсетеди жекке басқарыўшылық (единовластие), адамлардың азғана топарының басқарыўы, халық сайлаған оғада ылайықлы жекке адамның басқарыўы. Бул бойынша шешиўши характерге ийеси басқарыўдың формалары емес, ал оның ақылға сыйымлығы (разумность).
Жетилген жәмийетлерде кәсипти еркин таңлаў мүмкинлиги болады. Бул жерде ҳақыйқый еркинлик ҳәм теңлик ҳүким сүреди, жекке басқарыў (единоличная власть) жоқ. Бул қалалардың басшылары өзлериниң искерлигинде теңлик, әдиллик ҳәм улыўма абаданлық принциплеринен келип шығады (См. Фараби. Мажму ат-расаи ал хукама. wt0 а-б).
Басшы - өзиниң шәкиртлерин илимлерге, бахытқа жетиўдиң жасларын үйретип атырған муғаллимге (устазға) уқсас. Бирақ барлық талапларды бир адамға сыйғызыўдың қыйын екенин түсинеди. Соның ушын топарлық басқарыўды қолайлы вариант деп есаплады. Бирақ жәмийеттиң ҳәр бир ағзасы бул сапалардың биреўин бийкелесе (олицетворение) ғана усылай болады.
Жәмийетлик жетилиў ҳәм ғалаба бахытқа ерисиў илимниң жәрдеминде исленип шығылған жоқары дәрежедеги интеллектуаллық ҳәм әдеп-икрамлық нызамларды өзлестириў процессинде әмелге асырылады.
Адам өзиниң тәғдирин, өзиниң бахтын өзи жасайды. Фарабидиң тәлийматында әҳмийетли орынды улыўма бахыт мәселеси тутады. Оған жетиў жәмийеттиң ҳәм мәлекеттиң тийкарғы мақсети. Оған жетиў жолы-илим ҳәм тәрбия. Ҳақыйқый бахытқа билимлерди ийелеў жәрдеминде жетеди. Ҳақыйқый бахыт қәлеген жаманлықтың жоқ етилиўи ҳәм адамның жаны ҳәм ақыл-ойының тийкарларды ҳәм пазыйлетли ислерди танып билиўдеги
Страницы: << < 53 | 54 | 55 | 56 | 57 > >>