қалардың ис-ҳәрекетлеринде, жүрис-турысында гөззаллық пенен әбешийликти ажыратыўға мүмкиншилик болдыратуғын уқыплылықлар.
w) адамның жанында (душа) пайда болып, ҳәм ишки сөз сөйлеў атанатуғын категориялар.
e) ақылда орны бар, сыртқы сөз сөйлеў аталатуғынлар.
Ойлаў ҳәм оның логикалық қәделерин Фараби улыўма адамзатлық деп есаплайды. Фарабидиң логиканың ҳәм грамматиканың өз-ара қатнаслары ҳәм өзгешеликлерин түсиндириўи усы бүгинге дейин өз әҳмийетин сақлап киятыр. Фараби логиканы сегиз бөлекке (разделге) бөледи.
q) Қарапайым тиллик пикирлер- ойдың оғада әпиўайы бөлеклери сыпатындағы түсиниклер, категориялар. w) қурамлы категориялар-гәплер, пикирлер e)силлогизмлер. Қалған бес бөлеги (разделлер) пикирлеўдиң метод ҳәм усыллары а) дәлиллеў методы б) диалектикалық метод (демек, дискуссия методы) в) софистикалық метод (демек, қарсыласты алжастыратуғын метод) г) риторикалық д) поэтикалық.
Бул бес усыл силлогистлик искусствоның түрлери болып табылады. Бирақ илим олардың биреўине - дәлийллеў усылына сүйенеди.
Фараби тийкарғы логикалық формаларды: түсиниклерди, пикирлерди ҳәм ой-жуўмақларын қараўға үлкен дыққат бөледи.
Түсиниктиң логикалық дүзилисин қарай отырып, Фараби түсиниктиң теклик (родлық)- түрлик (родо-видовое отношение) қатнасларға толығырақ тоқтайды. Сондай ақ түсиниклерди анықлаў, билиў, ҳәр қыйлы түрлерин сыпатлаўға ҳ. т. б. толығырақ тоқтайды. Илимий категориялардың спецификасын қарайды. Илимий категориялардан күнделикли түсиниклердиң айырмашылығы, тилде көринис табыўы, демек, илимий терминология мәселелерине тоқтайды.
Пикирлерди изертлей отырып, Фараби субьект ҳәм предикаттың арасындағы қурамлы, қыйын өз-ара қатнасларды көлем ҳәм мазмуннан шыға отырып қарайды. Усы бүгинге дейин анықламалардың логикалық тәбиятын ашыў ҳәм сыпатла
Страницы: << < 50 | 51 | 52 | 53 | 54 > >>