скерликли, ҳәрекетшил ақыл-ой адам менен биринши себеп (первопричина) арасында дәлдалшы бола алады. Бул искерликли ҳәрекетшил ақыл-ой денедеги жан менен ҳәм байланыспалы. Солай етип, қудайлық тиришиликтиң (божественные жизни) қәсийетлери адамға өтеди, оның билими ақыл-ой күшинде мәңгиликке айналады.
Ақыл-ойдың проблемасының былай шешилиўи араб тиллес философияның буннан соңғы ўәкиллери, ең алды менен Ибн Сина ҳәм Ибн Рошд ушын ҳәм характерли болды.
Фараби-тутас логикалық системаны - куллиятты дөретиўши. Бул ушын айрықша титулға - ал Мантики (Логичный) ийе болды. Ол логика бойнша Аристотельдиң барлық шығармаларына комментарийлер жазды. Фараби булардың ҳәр бириниң мазмунын терең билип қоймастан, биринши рет орта әсирлик философияда оларды системаға келтирди. Деген менен ол логика бойынша оригинал жумыслардың ҳәм авторы. Булардың ишинде Стагириттиң тийкарғы пикирлерин сынға алған пикирлери бар трактатлардың ҳәм авторы.
Фараби логикада илимий билиўдиң методын көреди, бул оның рационалистлик позициясына сәйкес келеди (Логика, Фарабидиң пикиринше, ойлаў процессиниң дурыслығын я надурыслығын анықлаў ушын хызмет етеди). Әлбетте бул процесс - ойлаў процесси обьектти танып билиўге бағдарланып, ақыл жеткендей тийкарлар, демек категориялар менен ис алып барғанда болады.
Фараби логика, когда она применяется в тех или и них частях философии суть инструмент, посредством которого добывает достоверные знания всего того, что охватывает теоритическое искусство.
Фараби логикалық терминологияны ислеп шығыўға үлкен үлес қосты. Ол логика ҳәм грамматика, логикалық ой ҳәм оның сөзде сәўлелениўи арасында байланысты табыўға умтылды. Логиканың обьектин анықлай отырып, ол үш моментти көрсетеди q) категориялар менен ойлаўға, илимлерди, искусстволарды ийелеўге, өзиниң ҳәм бас
Страницы: << < 49 | 50 | 51 | 52 | 53 > >>