Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  48 | 49 | 50 | 51 | 52  >  >>

Мажму ат -расаил ал хукама. Тошкент, .
«Ақыл-ой күши» сыртқы предметлердиң ойша образларын береди. Сезиўлерден айырмашылығы, ойлаў реаль затларды абстракт қыяллаў процессинде танып биледи. Буннан басқа ақыл-ойға түсиниў (понимание) тийисли.
(См. Фараби. А-Масаил ал фалсафийа ва ала жавабанха//В сб. Мажму ал- Фараби, ).
Абстракт илимий түсиниклер, соның ишинде математикаға тийислилери де, сыртқы дүньядан қаншама ажыралған болыўына қарамастан конкрет өмир сүрип турған даналардың қәсийетлерин сәўлелендиреди.
Билиўдиң еки формасының - сезиўлик ҳәм рационаллықтың усыллары ҳәм айырмашылықлары баянлаўдың ҳәм түрин белгилейди. Сезилген сапалардың (от ощущающих качеств) ойланылатуғын тийкарларға, демек конкретликтен абстрактлыққа ҳәм денелерди ойлаў тәрепинен оларды сезиў тәреплерине, басқаша айтқанда абстрактлықтан конкретликке.
Фараби ақыл-ой менен (разум) танып билиўде танып билинетуғын предметлердиң тереңлигин көрсететуғын басқышларды ажыратады. Бул процесс еки момент пенен минезленеди конкретликтен улыўмалыққа өтиў, ойдағы улыўмалықты көрсетиў, соңынан бул улыўмалықтың (конкретлиликте табылған) жәрдеминде конкретлиликтиң мәнисин тереңлестириў. Ең соңында ақыл-ой (разум) жердегилердиң бәрин танып билип, аспан денешелерин танып билиўге өтеди. Сөйтип, жер-жүзлик, космослық денеге араласып сиңиседи, бирлеседи. Ақыл-ойлық билиў (разумное познание) бул жер-жүзлик ақыл-ойдың (мировой разум) тәсиринде әмелге асырылады.
Билиўде (адамның билиўинде) искерликли (ҳәрекетшил) ақыл-ой (деятельный разум-ал акл ал-фаол). Искерликли, ҳәрекетшил ақыл-ойдың роли: сезиўликти күшейтеди ҳәм оны ойлаў ушын қолайластырады ҳәм ең жуўмағында раўажланыўдың ҳәр түрли басқышлары арқалы билиўди (познание) дүнья туўралы ҳәмме билимлер менен байытып, мәңгиликке алып келеди. И

Страницы: <<  <  48 | 49 | 50 | 51 | 52  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: