Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  3 | 4 | 5 | 6 | 7  >  >>

онаўдан, топылыслар ҳәм шетлетиўден сақлаўға, қыйналыўына қыйналады, нызамды, тәртипти сақлаўға шақырады. Заратустраның тәлийматына ким қулақ қойса, соған жер участоги, суў, мал ушын жайлаў, террасалы жай, ҳаяллыққа он бес жасар қыз ўәде етиледи.
Аграрлық реформа идеясы ушын Заратустраға жәмийеттиң басындағылар қарсы шықты. Ол нызамнан тысқары есапланып, жәмийеттен қуўылды, мал-мүлки конфискацияланды (См. Маковельский О. Авеста. с. oo).
Заратустрадан соң Авестаның соңғы бөлимлеринде компромисс идеялар басым, бурынғы демократизм жоқ, байлық ҳәм власть жоқары баҳаланады. Бул нәрсе зороастризмниң эволюциясының пайда болып киятырған ҳүким сүриўши қўл ийелеўшилердиң класының, соң феодаллардың мәплери ҳаққында гуўа болады.
Зороастризмде сол уақыттың ҳуқықый ҳәм әдеп-икрамлық өмириниң бираз исленген системасы сәўлеленди. Зороастризмниң кодексинде диншиллик, мийнеткешлик, әдалат, сөзде ҳәм исте қалыс хызмет жоқарғы моральдың тийкарғы нормалары сыпатында көтерилди.
Зороастристик моральдың тийкарғы кредосы триадада көринди жақсы ой (гумата), жақсы сөз (гухта), жақсы ис (гваришта). Жақсы ой Ахура Мазда қудайының атрибуты, ал жаман ой - Анхра Маиньюдиң атрибуты. Гейбир алымлардың пикиринше бул триаданы белгили антикалық дәўир философы Демокрит қабыллап өзлестирген.
Зороастризм моралиниң талабы адамның денелик ҳәм руўхый тазалығы. Зороастризм парахатшылықта, келисимде жасаўды талап етеди. Жақынға жақсы қатнаста болыўды талап етеди, бир-биреўге зәрүрликте, қәўипте жәрдем бериў, ҳәр бир жаманлық пенен гүрес, зулумлықты қаралаў, даңқпаразлықты, зорлаў, нызамсызлық, кек, докмет ҳ. т. б. гүрес. Қәҳәр, ғәзепке ҳәм қумарға берилмеў. Сондай-ақ зороастризм берилген сөз, дүзилген договорды бузыўды қадаған етеди, саўда да, қарызды төлеўде де ҳадал болыў.
Зороастиз

Страницы: <<  <  3 | 4 | 5 | 6 | 7  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: