Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  1 | 2 | 3 | 4 | 5  >  >>

әййемги бөлеги Яштылар, оларда класслық жәмийетке дейинги исенимлер сәўлеленген. Олардың пайда болыўы б. э. ш. e-w мың жыллықларға тийисли. Олардың мазмунында политеизм бар.
Екинши этап - Гатлар, Буларда жалғыз қудай-Ахура Мазда туўралы тәлиймат ашылады. Олардың авторы б. э. ш. VI әсирде жасаған Спитама Заратустра деў бар.
Көп қудайлық Яшт ҳәм бир қудайлық Гат (б. э. ш. V әсир) гүрес барысында компромисслик характерге ийе дин-маздаясна пайда болады. Бул Авеста тәлийматындағы үшинши ҳәм тийкарғы этап.
Авестоның материалы еки мың жыл жыйналған. Александр Македонскийдиң ўақтында оның көп ғана бөлимлери жоғалған, ал Аршахидлер (б. э. ш. III ә) тусында қалған бөлимлери Авеста болып дүзилди. Ол маздаясна позициясынан дүзилди.
Авеста Орайлық Азия халықларының б. э. ш. q-мың жыллықлардың ортасы ҳәм екинши ярымындағы қоршаған дүнья туўралы моральлық- этикалық ой-пикирлери, көз-қараслары сәўлеленген.
Авеста бойынша әлем (Вселенная) жерден, океаннан, аспан, жақты түсиретуғын сфера ҳәм бейиштен турады.
Жер дөңгелек океан менен қоршалған. Жер ҳаўа райы мәўсим менен байланыслы бөлектен (кришвина) турады. Булай болыў вавилонлылардың жети самал туўралы ойлаўларына сәйкес келеди. Аспан тарт сферадан турады биринши (жерге ең жақын)-Жулдызлар сферасы, олардың ҳәм жүдә белгилилери Большая медведица, Сириус, Конопус.
Келеси-Ай сферасы, үшинши - Күн сферасы, төртинши-жақты, демек бейиш сферасы. Ай сферасы алты фазаға (ҳәр қайсысы бес) бөлинген.
Жулдызлар, Ай ҳәм Күн Ахура Мазда қудайының денеси сыпатында сәўлеленеди. Олар ҳүрметке ийе - Биз сениң денеңди мақтаймыз, о Ахура Мазда, барлық формалардың ишиндеги гөззалы-бул аспан жулдызларын, олардың ҳәм жоқарғыларын-Күнди (Ясна t0).
Зороастризмди тутыныўшылардың дүнья, тәбият, олардың қубылыслары туўр

Страницы: <<  <  1 | 2 | 3 | 4 | 5  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: