алы мифлик көз-қараслары әййемги халықлардан өзлестирилген.
Жәмийет тарийхы туўралы зороастрийлик ой-пикирлер библиялық ҳәм қуранлық мифологиялар менен сәйкес келеди. Авеста бойынша биринши адам - Иима, оннан ҳәмме адамлар пайда болған. Ийманың ҳүким сүрген ўақты алтын әсир есапланады, адамлар өлмейди (бессмертны). Қудай Ахура Мазда мәңги бәҳәрди жасаған, адамлар жетискенликте, абаданшылықта жасаған. Бахытлы болған. Бирақ бир күни олар гүнаға батады қадаған етилген шақы бар малда (рогатый скот) жеп қояды. Жаман руўх Анхра Маинью оларға суўық ҳәм қар жибереди. Иима, адамларды суўықтан қутқарыў ушын жай қурады, тири мақлуқларда оларға жуптан жайғастырады. Бул аңыз вавилон-библия-қуранлық, Жер жүзлик топан суў басқыны - суў тасқыны ҳәм Ное пайғамбар (Гилгамештеги Утнапитим, Қурандағы Нух пайғамбар) туўралы аңыз бенен үнлес.
Усылай етип тарийхтың биринши дәўири - алтын әсир тамамланып, екинши дәўир - жақсылық пенен жаманлықтың дәўири басланады.
Үшинши дәўир - адамзаттың келешеги. Авестада әййемги адамлардың бахты туўралы әрманы сөз етиледи. Жақсылық пенен жаманлықтың қудай Ахура Мазда жеңиске ериседи, сөйтип жақсылық ҳүким сүреди. Өлгенлердиң тирилиўи ҳаққында ҳәм пикирлер бар.
Авестаның әййемги қатламларында демократизм, дийханлар общиналарының мәплерин қорғаў идеялары бар. Соң ала оларда қул йиелеўшилердиң (Ахменидлер дәўири) мәплери ҳәм феодаллардың (Сасанидлер дәўири) мәплери ҳәм сәўлеленеди. Заратустраның тәлийматы бизиң эрамызға шекемги VI әсирге тийисли болып, белгили дәрежеде реформаторлықты, әсиресе аграрлық реформаны болдырыўға ҳәм көринис табады. Қул ийелеўшилик қатнасларды раўажландырыў процессинде заратустра мәпин қорғағағн дийханлар - общиналарының жарлыланыўы күшейди.
Заратустра тәлийматы диний формаға ийе. Ол халықтың күшлеўден ҳәм т
Страницы: << < 2 | 3 | 4 | 5 | 6 > >>