болды. Антик дәўир мәдениятын мийраслаў күшейди. Дүньяий пәнлер тез раўажланып кетти. Аристотель, Платон көз-қараслары жақын Шығыс ҳәм Орайлық Азия философиясының раўажланыўына тәсир жасады. Шығыс ренессанс дәўири төмендеги улыўма сыпатларға ийе. q. Мәденият, дүньяий илимлер ҳәм ислам ақыйдашунаслығының раўажланыўы. w. Грек, Рим, Парсы, ҳинд ҳәм басқа мәдениятлар жетискенликлерине сүйениў. қ. Минералогия, география, химия ҳ. т. б. тәбияттаныў илимлериниң раўажланыўы. r. Методологияда рационализм логиканың үстинлиги. t. Инсаний дослық. y. Философияның кең дәрежеде раўажланыўы, әдебият, поэзия, риториканың раўажланыўы. u. Билимданлықтың үлкен ҳүрметке ийе болыўы.
Мухаммед Аль-Хорезми
Математика, астрономия, география тараўларында изертлеўлер жүргизди, Илимий экспедицияларға қатнасты. Баит ал-Ҳикма-данышпанлық үйинде, Шығыстың биринши илимлер Академиясында басшылық етеди. Бул жерде сол ўақыттағы ири алымлар-Ахмад Ибн-Мухаммад ал Ферғаний, ал Мерғазий Ҳалид Марваруди, Аббаз Жаухарийлер ислеген еди.
Хорезми жер меридианының бир градусының узынлығын өлшеўде қатнасты. Астрологияны қурыў туўралы шығармасы бар. «Астрономиялық таблицалар», «Индия есабы ҳаққында трактат», «Күн саатлары ҳаққында трактат», «Музыка туўралы трактат» ҳ. т. б.
Хорезмидиң илимий искерлиги ең алды менен тәбийий-илимий билимлерди раўажландырыўға, тәбиятты тәжирийбе жолы менен билиўге қаратылды.
Тәбиятты танып билиўге қаратылған тәжирийбелик-индуктив подход бул бир тәрептен, тәбияттаныў илимлерине, соның ишинде астрономия, математикаға тийисли проблемаларды қойыў-екинши тәрептен тәбийий-илимий ашылыўлардың әҳмийетли факторлары болды. Олардың бас әҳмийети сонда, олар соңынан Жақын ҳәм Орта Шығыстың, соның ишинде Орайлық Азияның илимпазлары арасында үлкен өзгеристи-обьектив дүньяның
Страницы: << < 40 | 41 | 42 | 43 | 44 > >>