ған. Орайлық Азия, Ирак, Египетте жумыс иследи. Тийкарғы изертлеўлери астрономия, география, геодезияға тийисли.
Ферғани өзиниң мийнетлеринде дүньяның дүзилиси, жақтыртқышлардың ҳәрекети (күн, ай, жулдызлар), календарь ҳәм география туўралы тийкарғы мағлыўматлар менен таныстырады. Өзиниң изертлеўлериниң нәтийжелерин араб, сирия, грек, парсы, египет ҳ. б. да еллердиң жуўмақлары менен салыстырады.
Ферғанидиң түсиндириўи, есаплаўы бойынша аспан сфера тәризли. Себеби, аспан денелериниң мүйешлик тезлиги бирдей. Аспанның айналыўының радиусының муғдары, көлеми көринетуғын муғдардың - Күн ҳәм айдың турақлығы менен тастыйықланады. Жер ҳәм сфера тәризли. Бул аспанның тең ярымын көриўи менен тастыйықланады. Ферғанидиң пикиринше, жер шары точкаға уқсайды
Аспанның ҳәрекети, Ферғанидиң тастыйықлаўынша, еки түрли пүткил аспан сферасының ҳәрекети ҳәм планеталардың ҳәрекети. Олар бағдарланыўы бойынша қарама-қарсы. Олардың көшерлериниң айналыўы (демек, полюслар ҳәм) бирдей емес, уқсамайды.
Күнниң шығыў ҳәм батыўының механизмлерин ҳәр түрли широталар (кеңлик) бойынша анық келиўи: полюсларда барлық қыс түнлери бир түн, бул жерде жыл суткаға тең, күн-алты айға, түн алты айға тең. Аспан экваторының шеңбери горизонт пенен сәйкес, тең келсе, тас төбе (зенит) полюс пенен сәйкес келеди.
Сегиз сфера бар. Жети - Қуяш, Ай ҳәм бес белгили планета ушын, ал сегизинши-оң жоқарғы, барлық ҳәрекетсиз жулдызлар ушын. Бирақ бул сфералардың орайлары ҳәр қыйлы.
Зодиак ҳәм күнниң сфераларының орайлары Жердиң орайына жайласқан, ал басқа сфералардың орайлары тәрепке бурылған. Усыған байланыслы планетаға ҳәр қыйлы жағдайда-апогей, перигейге ийе. Усыннан ҳәрекеттиң тезлигиндеги айырмашылық - апогейде ақырынлаў, перигейде тезлеў.
Ферғани жақтыртқышлардың ҳәрекетиниң классификациясы
Страницы: << < 42 | 43 | 44 | 45 | 46 > >>