тәбиятын есапқа алатуғын дүньяға көз-қараслық принциплерди ислеп шығыўға мүмкиншилик берди.
Хорезмидиң бас ашқаны - алгоритмди математикалық теңлемелерди шешиўдиң улыўма усылын шешиўи.
Алгебраның ашылыўы - еки қарама-қарсылықлы муғдардың(көлемниң) - «белгили» ҳәм «белгисизликтиң» ара-қатнасы үстинде диалектикалық пикир жүргизиўдиң нәтийжеси. Қәлеген теңлеме - бирин-бири бийкарлайтуғын түсиниклердиң бирлиги. Қарама-қарсылықтың бирлиги, белгили ҳәм белгисиздиң қарама-қарсылығының бирлиги - бул есап (задача). Буны шешиў - есапты шешиў.
Линейные (сызықлы) ҳәм квадрат теңлемелер Хорезмиге дейин ҳәм белгили болды. Бирақ олар ҳәмме ўақыт өзинше, индивидуаллық жол менен шешилди. Улыўма қәде, алгоритмлер болмады. Хорезмидиң ашылыўында ҳәр қыйлы жеке теңлемелерди анализлеўдиң тийкарында улыўма түрди жасады.
«Алджабр и алмукабала» китабында автор теңлемелердиң алты типин жасады:: биринши дәрежедеги үш теңлеме (линейные) ҳәм үш екинши дәрежедеги (квадратные) теңлеме. Бул теңлемелер муғдардың, көлемниң үш түриниң ара-қатнасын аңлатады: қарапайым санлар, кореньлер, квадратлар.
Ҳәр бир теңлемени шешиў ушын (Хорезми тәрепинен ашылған) ол тәрепинен енгизилген методлар зәрүрли: алджабр ҳәм алмукабала. Алджабр-бул тиклеў я толтырыў. Усы методтың жәрдеминде қарама-қарсылықлы белгилер бир оңлыққа (положительному) алып келинеди. Алмукабала биргелкили ағзаларды қарама-қарсы қойыў. Бул методлардың бирлиги еки пәллели тәрезини ядқа түсиреди. Ҳәттеки олар алджабр ҳәм алмукабаланың операцияларына дейин ҳәм соңынан ҳәм тең салмақлықта болыўы керек.
«Алгоритм» сөзи -ал-Хорезмидиң латынша транскрипциядағы аты. Алгоритмлер теориясы ҳәзирги математика, информатика ҳәм кибернетиканың әҳмийетли бөлеги болып табылады.
Ахмад ибн Мухаммад ал Ферғани
Ол Ферғанада туўыл
Страницы: << < 41 | 42 | 43 | 44 | 45 > >>