орғаўшы, қалаларды қурыўшының образында көринеди.
Ктесиде Сак патшасы Аморгтың ҳаялы Спаретра туўралы да гәп бар. Спаретра ҳаяллардан ҳәм ерлерден әскер жыйнап Персия державасын қурыўшы Куруш пенен урыста оны жеңип, күйеўин тутқыннан босатады.
Патша ҳаял Томиристиң Куруш пенен гүреси туўралы ҳәм аңыз бар. Мидия ҳәм Вавилонда жеңген Куруш Тумарис басқарған Массагетлердиң территориясына бағдар алады. Бул урыста Куруштың әскерлери жеңилип Куруш өледи.
Сак шопаны Ширак. Перс патшасы Дарий сакларға урыс ашқанда, Ширак сак көсемлерине Дарий әскерлерин қурытыўдың планын айтады. Бул бойынша ол мурнын, қулағын кестиртип, Перслерге барып өзин сак көсемлеринен азап көрген қылып көрсетеди. Перслер исенеди. Сөйтип перслердиң (Даридиң армиясын) жасырын соқпақлар менен жүргизип, суўсыз жерлерге алып келеди. Ширак өлтириледи, бирақ оның халқы еркин болып қалады.
Зороастризм
Сак эпосының жеке белгилери өзбеклердиң, қарақалпақлардың, түркмен, тәжиклердиң фольклорында сақланған.
Б. э. ш. VI әсирден баслап Орайлық Азияда зороастризм пайда болып, б. э. III әсирине шекем ҳүким сүреди.
Зороастризмниң Ўатаны туўралы мәселе еле анық емес
Иран (Мидия) деп те, Орайлық Азия (Бактрия, Хорезм) деп те аталады.
Мынадай дәлийллер Авестаның толық келип шыққанына байланыслы аргумент жоқ. Авестаның пайда болыўының ҳәр түрли қатламлар ҳаққында айтыў мүмкин. Зороастризмниң Шығыслық (Орайлық Азиялық) ҳәм батыслық (мидиялық) айырмашылықлары ҳаққында идеялар бар.
Зороастризмди тап-таза жалғыз, қосымтасыз дин деў қыйын. Онда Орайлық Азия ҳәм Жақын Шығыс халықларының б. э. ш. w-e әсирден баслап б. э. ш. q-мың жылылғына дейинги аралықтағы исенимлери киреди. Зороастризмниң эволюциясының үш этапы бар (Маковельский А. О. Авеста. Баку. qoy0. с. t0, qrw).
Авестаның
Страницы: << < 1 | 2 | 3 | 4 > >>