имқорлықты (ростовщичество) болдырмады, мүтажлықтағыларға төлеўсиз жәрдем берди, салықты бийкарлады. Карматлар ҳәм олардың жәмийетлик қурылысы феодаллық ғәрезлиликке тап болған ҳәм өзиниң азат болыўына исенген дийқан массасы арасында тектен-тек қуўатланған жоқ.
Карматлардың тәлийматы алдыңғы қатар ойшыллар ҳәм әдебиятшылар арасында кең тарқалды. Карматлықты Рудаки, ал Маори, Носир Хосраў, Ибн Сина ҳ. т. б. мақуллады.
Исмаилизм, ал соң ала карматлық ислам секта ҳәм ағымларының арасында өзиниң қурамлы диний-философиялық системасына ийе болды.
Исмаилитлердиң философиялық доктринасы. Исмаилитлердиң доктринсы екиге бөлинди сыртқы ямаса экзотериялық (араб. захир) ҳәм ишки ямаса эзотериялық (араб. батин). Булар исмаилитлердиң бир-биринен пүткиллей айрылып туратуғын группаларына арналған.
Биринши, сыртқы доктрина, қатардағы динге исениўшилерге арналған. Шейитлердиң үрп-әдетлик талапларынан, күнедликли үйретислеринен азы-кем ғана айрылып турады.
Ишкиси оның жоқарғы басқышларында турған секта ағзаларына арналған. Платон, Аристотель, неоплатонизм, неопифагоризм, христианлық гностицизм талийматларының тәсиринде қәлиплескен қурамалы система. Бул система бойынша өмир сүрип турғанның жалғыз басламасы (единое начало всего сущего) жоқарғы сырлы күш (всевышная тайна) (араб. ал-гаиб таъала) белгиленбейди, танып билинбейди, анаў-мынаў атрибутларсыз мудамы тынышлықта турады, демек «Қудай абсолют». Ол дөретиўшилик субстанцияны ғалаба ақыл-ойды (всеобщий разум), (араб. акл. ал-кулл) бөлип қарады. Бул ғалаба ақыл-ой қудайдың барлық атрибутларына ийе. Усы себепли ҳәмме дуўа етиўлер оған қаратылды, ғалаба ақыл-ой эмоцияны - ғалаба жанды, руўхты (араб нафс ал-кулл) билдиреди. Ғалаба жан, руўҳ биринши материяны(араб. Хайнла), ал ол жерди, аспанды ҳәм барлық тири организмди
Страницы: << < 14 | 15 | 16 | 17 | 18 > >>