Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  13 | 14 | 15 | 16 | 17  >  >>

исмаилизм ҳәм кармат идеологиясы.
Исмаилитлер
Исмаилитлер сектасы VIII әсирдиң ортасында шиизмниң бөлиниўиниң нәтийжесинде пайда болды. ўt0-жылы Аббасидлердиң жеңиси шиитлер тәрепинен Мухаммедтиң үйиниң жеңиси сыпатында қабылланды. Бирақ жүдә маўасасыз топарлары айрықша сектаға бирикти. Мақсет халифлерге қарсы гүрести даўам етиў. (Сектаның аты Исмаилдың аты менен байланыслы). ўyw-жылы өледи. Исмаил ўақтында имаматты мийраслаў оның әкеси шейит имамы - Джафар ас-Садик тәрепинен маҳрум етилген еди. Исмаилитлер Исмайылдың баласы Мухаммедти имам деп мойынлады (ол қуўдалаўдан жасырынып жүр еди). Сөйтип исмаилитлерде жасырын имамға исеним пайда болды. Жети имамның аты белгили. Жасырын имамлардың атынан диний ўәсиятлар ҳәрекет етти, исмаилитлердиң тарам-тарам жасырын уйымлары пайда болды. Қуўдалаўларға қарамастан исмаилитлер өзлериниң дөгерегине жәбир көрген бийшара адамларды жыйнап, халифаттың ҳәр қыйлы районларында көтерилислер болдырып турды.
Исмаилизмниң бир тармағы - карматлық. IХ-Х әсирлерде дийқанлар ҳәрекетинде үлкен роль ойнады. Карматлардың исин даўам еттириўшилердиң тийкарғы массасы - дийқанлар ҳәм жарлы адамлар еди. IХ-Х әсирдиң екинши ярымында Жақын ҳәм Орта Шығыста, Индияда, Орайлық Азияда ҳәм Араб халифатының басқа да районларында карматлардың ири көтерилислери болып өтти. Бахрейнеде карматлар өзлериниң мәмлекетине ийе болды. Ол жүз жылдан көбирек өмир сүрди. Бул жерден олар халифаттың ҳәр қыйлы районларына, ҳәтте Мекке ҳәм Мединаға ҳәм топылыс жасап турды. Карматлар мәмлекетинде теңлик, демократия ҳәм экономикалық өз-ара жәрдемниң өзинше формасы болды. Бирақ теңликке тек карматлар ғана ийе болды. Тутқынға түскенлердиң барлығы (карматларға тийисли емес) қулларға айналды ҳәм барлық ҳуқықтан айрылды. Карматлар исламның ҳеш бир дәстүрин орынламады, өс

Страницы: <<  <  13 | 14 | 15 | 16 | 17  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: