Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  16 | 17 | 18 | 19 | 20  >  >>

ринди. Бул әсиресе философияда антикалық моделине бағдарланғанларына тийисли (бул философлар өзлериниң жеке пикирлерин олар менен таныс емес адамға мүмкиншилиги болғанша қыйынласқан етип көрсетиў), идеяларды тек көзеки, жасалма критикалаў я өмирди өз доктринасы сыпатында бериў я сол ўақыттағы тәсирши идеологияға бойсыныў (бул «мутакаллимлер», «каламның» доктриналары, теориялық теология ҳәм ислам философиясындағы практика).
«Калам» менен «фалсафаны» бириктирген нәрсе - дүньяға көз-қарастың мәселелерин шешиў ушын ақыл-ойға жоқарғы инстанция сыпатында муражат қылыў. Бул оларды традиционалист - догматиклерден ҳәм мистик-суфилерден ҳәм ажыратып турды. Егер «калам» тек таза догматикалық илим болғанда, ол исламлық Аристотель философиясының раўажланыўының соңғы стадиясы менен бир точкада шығыспаған болар еди. Кем-кем суфилар мистикалық-аскетикалық тәжрийбелерден ойланыўға, толғаныўға өтип, дүньяны философиялық қабыллаў менен жарамсыз теология ҳәм пантеизм («алладан басқа қудай жоқтан», «алладан басқа ҳеш нәрсе жоққа» өтиў) арқалы жетилисти.
Ең соңында теологиялық ямаса философиялық суфизмниң еки тәсирли күшли мектеби- ишракизм ҳәм вужудизм (вахдат ал-вужд).
Ертедеги исламдағы дискуссия
Ислам философиясы эллинизмниң философиялық традициялары менен тығыз байланыслы. Эдессте философиялық мектеп жабылғаннан кейин сондай-ақ Афинадағы несторианлар менен монофизитлерди Византия ширкеўиниң қуўдалаўы менен Азияда эллинистлик традицияның тарқалыўы Византия алымларының сасанидлик Иранға миграциясы менен байланыслы. Насибин (Сирия) қаласында аўдарма әдебият ҳәм оған түсиндирмелер исленди. Гүндешапурда (Иран) Индиядан алынған илимий жумыслар философия бойынша грек ҳәм сирия мешитлери менен бирге пехлевиге аўдарылды, несторианлар менен монофизитлердиң философиялық жумыслар

Страницы: <<  <  16 | 17 | 18 | 19 | 20  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: