урды. Ибадитлик общиналар усы бүгинге дейин Марокко, Алжир, Тунис ҳәм Түслик Аравияның гейбир еллеринде бар.
Хариджитлер тәлийматы барлық мусылманлардың теңлиги. Олардың пикиринше, қәлеген адам халиф болыў мүмкиншилигине ийе. Халиф болыў ушын оның шығысы шәрт емес, егер ол ҳақыйқат шын берилген мусылман болса, негр-қул ҳәм халиф болыўы мүмкин. Олар ушын имам-халиф мәмлекет ийеси я руўханый емес, ал мусылманлардың ўәкили, общинаның мәпин қорғаўшы көсем. Халифты сайлаў, орнынан босатыў, сотлаў я өлтириў ҳуқықы общинаға тийисли болыўы керек. Ҳәрбир мусылман общинасы өзиниң имам-халифын сайлап алыўы мүмкин. Усыған тийкарлана отырып хариджитлерди баслаўшылардың көпшилиги өзлерин имамлар ҳәм халифлер деп атады. Абу Бакирдиң ҳәм Омардың властын мойынлап, Османның, Алийдиң, Омейядлардың, Аббасаидлер ҳ. т. б. властын нызамсыз деп есаплады.
Хариджитлер общинада социаллық теңлик ушын ҳасыл адаларға қарсы шықты. Исламды қабыллаған қулларды азат етти. Ал олардың үйреткенин қабылламаған физикалық жақтан жоқ етилиўи тийис.
Алийдиң, оның туқым теберигиниң ҳуқықын қоллап қуўатлағанлар ислам тарийхына шийит (шиа-партия) деген ат пенен кирди. Шийитлер ислам суннасын мойынламады, оны жалған, Алийдиң властьқа ҳуқықын есапқа алмайды деди. Сөйтип олар «Ахбар» атлы алийшилерди қоллап қуўатлайтуғын өз суннасын қурды. Шийитлер тийкарғы бес догманы мойынлады таухид (бир қудайлық), адль (адиллик), кубувват (пайғамбарлық), имамат (имамлардың власты) киямат (қыямет). Бул суннетлердиң жети догмасына қарсы келеди. Культлық мәселе бойынша да айырмашылықлар бар. Шиизмдеги тийкарғысы - имаматтың догмасы - Шейитлердиң власть ҳәм мәмлекет мәселелериндеги позициясы.
Солай етип, исламның пайда болыў тарийхында ондағы бөлиниў социаллық-сиясий характерге ийе болды. Бундағы ең характерлиси -
Страницы: << < 12 | 13 | 14 | 15 | 16 > >>