т ҳәм жәмийеттиң раўажланыў нызамларын билиў саўатлы адамға ғана қолайлы. Социаллық көз-қарасларында жәмийеттиң нызамларын мойынлайды. Оның пикиринше, тарийхый процесс раўажланыўдың өз нызамларына бағынған. Валиханов өз халқының уқыбына исенди. Оның пикиринше, қазақлардың әсирлер бойы артта қалыўы, олар жасаған географиялық сфераға емес, ал олардың «қәўимлик организми менен байланыслы.
Муқимийдиң жәмийетлик-философиялық көз-қараслары
Ойшыл, халық шайыры-сатириги. Ол дийханлардың ҳәм халық жарлыларының мәпин сәўлелендирди. Соның ушын ҳәм оның шығармалары ҳақыйқатлығы ҳәм реаллығы менен айрылып турады.
Мукими аскетизмди мақулламады. Илимди, өнерди үйрениўге шақырып, надан моллаларды сынға алып, зулымлыққа, бассыныўшылыққа қарсы гүрести. Өзиниң «Жаңа болған бай, «Вексель ҳ. т. б шығармаларында Мукими өз дәўириниң реалистлик картинасын дөретти, езилген халықтың типлик портретин сәўлелендирди. Ол өзи жасаған жәмийетте ҳәр түрли социаллық топарлар арасында өткир қарама-қарсылықлар бар екенлигин түсинди. Бирақ Муқими бул қатнасларды жаңалары менен алмастырыў туўралы айтпады. Ағартыўшылықтың искерлиги өзбек халқының тарийхында үлкен рольге ийе болды.
Ағартыўшылықтың дәслепкилеринен бири Ахмад Дониш.
Ахмад Доништиң ҳақыйқый аты Ахмед Махдум. Ол Бухараның экономикалық-социаллық сиясий жақтан бираз артта қалғанлығын анығырақ сезип, оны қайта қурыўда жол излегенлерден есапланады. Бул бойынша тийкарғы қурал, оның пикиринше, ағартыўшылық, илимге, мәдениятқа ерисиў. Дүньяўый билимлерди таратыў.
Философиялық көз-қарасларында идеалистлик позицияда турыў менен бирге, сол дәўир ушын бираз прогрессивли характерге ийе стихиялы-материалистлик идеяларды айтады. Ол дүньяның танып билиў мүмкиншилигин мақуллап, мысал сыпатында күнниң тутылыўын алдын-ала болжаўды келт
Страницы: << < 87 | 88 | 89 | 90 | 91 > >>