Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  86 | 87 | 88 | 89 | 90  >  >>

нлайды. Адам, оның мақсетине жетиўи, бахты мәселелери, өмирден ләззетлениўи Мақтымқулы дөретиўшилигинде тийкарғы орынды ийелейди. Ол байларды, ханларды, руўханыйларды әдеп-икрамсызлығы ушын әшкаралайды. Әсиресе ол бул дүньяның қызығынан ўаз кешиўди жүдә әшкаралайды. Адамның қәдир-қымбаты, адамгершилиги, оның халық пенен бирге жасаўында. Жақсылық, ойшылдың пикиринше, бул мийнет адамына адамгершиликли қатнас, жарлы, аш-жалаңашларға жәрдем, халықтың саўатланыўы. Жақсылық ҳәм ўазыйпа, ар-намыс ҳ. т. б тығыз байланыслы. Ол өзиниң қосыларында түркмен қәўимлерин, руўларын биригиўге шақырады. Дөретпелери гуманистлик, улыўма адамзатлық идеяларға толы.
Чоқан Валиханов
Алым, демократ, ағартыўшы Султан Шыңғыс Валихановтың семьясында туўылған. Омск кадет корпусында оқыды. Илимлерди үйренди, англичан, француз тиллерин үйренди. Корпусты питкерип Батыс Сибирь губернаторының адьюданты болады. Ол көп саяхатта болады. Комиссияның қурамында қырғызлардың ишинде болып, аўызеки халық дөретиўшилигин изертлейди. «Манас» пенен танысады. Орыс-қытай саўдасы бойынша Кулжа қаласында сөйлесиўлерге қатнасады. Орыс ҳүкиметиниң тапсырмасы бойынша Шығыс Түркстанда ислейди. Петербургта илимий-изертлеў менен шуғылланып, Қазақстанда фольклорды жыйнайды. Суд реформасында актив қатнасады.
Оның тийкарғы мийнетлери: «Ыссық көл күнделиги», «Сахарадағы мусылманшылық», «Қырғыз шежиреси», «Джунгария очерклери», «Суд реформасы бойынша жазбалары», «Абылай», «Қытай империясының Батыс үлкеси ҳәм Қулжа қаласы» ҳ. т. б.
Руўханыйлықты, оның фанатизмин критикалайды. Ч. Валихановтың философиялық дүньяға көз-қараслары белгили дәрежеде материалистлик характерге ийе. Оның пикиринше ҳәр түрли материаллық қубылыслар өз нызамлары менен раўажланады. Дүньяның қубылыслары арасында себепли байланыс бар.
Тәбия

Страницы: <<  <  86 | 87 | 88 | 89 | 90  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: