Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  85 | 86 | 87 | 88 | 89  >  >>

биятының ири ўәкиллериниң бири. qiwt-жылы Хийўада туўылған. Ҳаслы исми Муҳаммадниез, Комил әдебий лақабы.
Комил Хорезмий - өз дәўириниң белгили сөз устасы ҳәм көзге көринген мәмлекетлик ғайраткери. Хийўада Саид Мухаммед хан, Мухаммед Рахим хан тусында ҳәм сарайда ислеген.
Оның инициативасы менен Хийўада баспа шөлкемлестирилди. Бунда дәслеп Әлишер Наўайы ҳәм басқа данышпанлардың шығармалары басып шығарылды. qiie-жыл орыс-тузем мектеби ашылды. qioo жылы uq жасында қайтыс болды. Оның бизге бир қатар шығармалар менен бирге «Девани» ҳәм жетип келген. «Девонда» К. Хорезмийдиң түрли дәўирде жазған ғаззел ҳәм мәснеўийлери бар.
Комил Хорезмийдиң дүньяға көз-қарасларының эклектик характерге ийе екенлиги көзге тасланып турады. Ҳәмме нәрсениң тийкары Алла. Оның басламасы ҳәм ақыйры жоқ. Бул фәний дүнья ҳәм о дүнья бар. Деген менен реаль болмыстың инсан өмири ушын әҳмийетин жүдә мақуллайды.
Мақтымқулының жәмийетлик-философиялық көз-қараслары
Уллы түркмен шайыры, ойшылы. Мектепте, Хийўада, Бухарада ҳәм Андижанда медреселерде оқыған. Азербайжан, Индия, Аўғанстанды аралап шықты. Көп ғана философиялық ойға ийе лирикалық қосықлардың авторы.
Мақтымқулының дүньяға көз-қарасының қәлиплесиўинде оған дейинги социаллық-сиясий идеялар ҳәм дәстүрлер үлкен роль ойнады. Әсиресе буған Орайлық Азия ҳәм Азербайжан халықлары мысал болады.
Аўызеки дөретиўшиликти ҳәм көркем әдебиятты (Фердаусий, О. Ҳайям, Н. Гянджауи, Саади, Насимий, Физули, Жами ҳәм Наўайы) қунт пенен үйренди ҳәм олардың дөретиўшилик сырларын жақсы меңгерди.
Мақтымқулының пикиринше, ҳәмме нәрсениң тийкары - Қудай. Мақтымқулы қудайды дүнья менен пантеистлик жағдайда жалғастырады. Соның менен бирге ойшыл дүньяның обьективлигин, мудамы ҳәрекетти предметлер менен қубылыслардың мудамы жаңаланыўын мойы

Страницы: <<  <  85 | 86 | 87 | 88 | 89  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: