ир, Нодирабегим, Қозиқ, Шавқий, Огоҳий, Маъдан, Комил Хорезмий киби шайырлар, шайралар шықты. Булардың ишинде Машрабқа еликлеп қосықлар жазғанлары ҳәм көп болды. Машҳур шайыра андижанлы Моҳирайым Нодира (Холила) тасаввуф дәстүрлерин даўам еттирди. Бул дәўирде әдебий сатира ҳәм юмор кең қулашын жайды (Паҳлованкули, Равнақ, Мужрам, Обид, Муҳанди, Шәрип Гулханий, Махмур ҳ. б. ).
Муҳаммад Ризо Огаҳий. Хусаин Воиздың «Ақлоқий Муқсиний шығармаларын, Хысраў Дехлевийдиң Биҳит шығармасы, Хондамирдиң «Равват-ус-сафо ҳ. б. шығарманы парсышадан өзбек тилине аўдарған.
Огаҳийде пантеизм элементлери көбирек ушырасады. Огаҳий тасаввуфдағы пантеизм тәрептары. Реаль турмысты, нәрселерди инсанның жырлаўын мойынлайды. Дүньяға көз-қарасының тийкары, инсанға муҳаббат, тарийхый реаллықты танып билиўге умтылыў, халыққа ғамхор болыў.
Огаҳийдиң жәмийетлик-сиясий көз-қарасларының характерли белгисиниң бири инсанның, динниң инсанпарўарлық мүмкиншиликлерин пайдаланыў. Мәмлекет басшысының арнаўлы пазыйлетине байланысы Ферузға қырықтай мәсләҳәт берди. Оның ойынша патша мийрим-шәпәәтли, әдалатлы, қайыр-сақаўатлы болыўы тийис.
XIX әсирде Хийўа ханлығында экономикалық турмыстың тийкарғы өзгешеликлериниң бири товар-ақша қатнаслары. Пулдың бай феодаллардың қолында топланып қалыўы, материаллық байлықлардың мәмлекеттен тысқарыға шығып кетиўи ҳ. т. б бойынша өзиниң позициясына ийе. Мәселен, пул фетишизмин жақсы аңлайды, буған байланыслы унамсыз ислерди, әсиресе, жәмийеттиң руўхый жақтан саламатсызлығын айтады.
Огаҳийдиң эстетикалық көз-қараслары Шығыс эстетикалық ойының тасаввуфлик моментлери менен суўғарылған. Наўайы мектебинен саға алыў, ондағы инсанды ең қәдирли байлық деп улығлаў бас принцип. Соның ушын ҳәм гуманизм Огаҳийдиң дүньяға көз-қарасының тийкары.
XIX әсир өзбек әде
Страницы: << < 84 | 85 | 86 | 87 | 88 > >>