Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  82 | 83 | 84 | 85 | 86  >  >>

ышы. Философ сезиўлик ҳәм рационаллық билиўди бирликте ҳәм өз-ара байланыста қарайды. Ол ақыл-ойдың билиўлик мүмкиншиликлерине үлкен әҳмийет берди.
Дүньяны рационаллық билиўде илимди ийелеў, илим менен шуғылланыў үлкен әҳмийетке ийе. Билимди адамзаттың ҳинжи-маржаны дейди ол. Раўажланыў билимсиз болмайды. Болмысты танып билиўде, тәбияттың сырларын танып билиўде философия әҳмийетли роль ойнайды. Философия - данышпанлық, ол илимниң сырларын ашады. Руҳтың затларға ҳәм предметлерге қатнасын үйренеди.
Бедил еркинлик ҳәм зәрүрлик мәселелерин ҳәм айтады. Оның пикиринше, адам өзиниң ҳәрекетлеринде еркин. Ол өзи ушын өзи ғамхорлық қылыўы керек, өзиниң ҳәрекетлерин өзи белгилеўи тийис. Бедил тәбийий зәрүрликти, тәбияттың нызамлағын мойынлайды. Екинши тәрептен зәрүрликти Қудайдың еркиниң көриниси деп қарайды.
Бедилдиң дүньяға көз-қарасының ишинде оның жәмийетлик ҳәм гуманистлик идеялары әҳмийетли орын ийеледи. Мийнет ҳәм өнер адамды улығлайды.
Бедил айрықша дийханның мийнетин жоқары баҳалады.
Машраб Бабораҳим. Машраб (машраб- илоҳийда майдан, сарҳуш деген сөз) qyte-жылы Андижанда туўылған. Ол дәслепки билимин маҳаллий мектепте алды.
Наманганға келип, Шаих Базар Охунга шәкиртлик етти. Иләҳиятты үйренеди. Кейин Қашқарға барады. Себеби, характери батыр, еркинликти сүйиўши болды. Машҳур Ийшан Офоқ Хаджига мурид болады. Жети жыл оның хызметин қылады.
Машраб өз шығармаларында руўханыйларды әшкаралағаны ушын әўәә-жылы Балх ҳәкими Маҳмудбий Қатоған таманынан дарға асылады. Машраб - суфий. Жаратқанға муҳаббаты күшли. Оны қосықларында баян етеди. Баязид Бистомий, Мансурий Халож Насимит, Фариддин Аттар ҳ. т. б. суфилардың өзиниң шығармаларында тилге алады.
Машрабта «яр» образы бар. Ол арқалы қуданы тәспирлейди. Оған мас келиў ушын көп нәрселерди ислеў

Страницы: <<  <  82 | 83 | 84 | 85 | 86  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: