керек. Онда «топырақ» сөзи бар. «Топырақ» - диний исенимлерге тийкарланған нақш. Тасаввуф философиясында топырақтан шығатуғын сыпатлар - сабыр, үмит, мириўбет келгенлиги зикир етилди. Топырақ - жәннет мүлки, шамал ҳәм от - дозақ ишиндеги нәрселер. Кеңирек мәниде топырақ - ана Ўатан. Адам ана-?атан менен бирликке ерисиўи шәрт. Машрабтың ойы: шын мусылман болыў ушын мешит болыўы шәрт емес, көкиректе қуда болыўы керек.
«Ески дүнья» - Каъба. Аллаға болған муҳаббат Каъбаға болған муҳаббаттан үстин. Машраб қосықларының қудирети оның халықшыллығында. Оның ғәззеллери, қосықлары халықтың аўзынан түспеген. Машраб өткенниң көп ғана ойшыллары сыяқлы ислам тийкарына ҳәм догмаларына қарсы шыққан жоқ, ал гейбиреўлерине исенимсизлик пенен қарайды. Ол өзиниң қосықларында мистицизм ҳәм аскетизм идеясын нәсиятлаўшы суфизм ўәкиллерин әшкаралайды. Ол адамларды о дүньядан, дозақтан қорықпаўға, ал ҳақыйқый күнделикли жердеги ислер менен шуғылланыўға шақырды. Соған қарамастан ол нақшбандизм менен тығыз байланыслы қәлендерлердиң суфизм ҳәрекетин мақуллайды. Бул Машраб тәрепинен өзиниң еркинликти сүйиў идеяларын көрсетиўи, еки жүзликти, нәпсиқаўшылықты, жуўҳалықты, менменликти, мүлкке ийелерди сынға алыўы ушын қолланылды. Машрабтың дүньяға көз-қарасының орайында адам турады. Ол - бунтарь, еркинликти сүйиўши шайыр болып тарийхқа кирди.
Шайыр өлиминен соң Шавкат Бухарий «Сен Машрабты өлтиргениң менен бәрибир, оған ҳүрмет арта береди» деген еди. Буны өмир дәлийллеп отыр. XVIII әсирдиң екинши ярымы XIX әсирдиң басларындағы Өзбекстандағы жәмийетлик-сиясый ойлар мәселесине келсек, ол ханлықлар - Бухара, Хийўа, енди ғана пайда болған Қоқан ханлығы дәўири менен байланыслы. Бул дәўирде Солаҳий, Қувайда, Умар Баҳий, Киромий, Нишотий, Амир (амир Умархан), Фазлий, Адо, Гулханий, озий, Махмур, Нод
Страницы: << < 83 | 84 | 85 | 86 | 87 > >>