Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  74 | 75 | 76 | 77 | 78  >  >>

ң басшысы болды. Махтумий Аъзам qtro-жылы қайтыс боды. Буннан соң оның мийрасхорлары бухара руўханый феодаллар- джуйбар шейхлары (XIV-ортасы-XVII ақыры) болды. Булар Шейбанндлер ҳәм Аштарханлер тусында шынтлап сиясий властьқа ийе болды. Туўысқанлық Мавереннахрды қырғыз руўларын, қазақ қәўимлериниң биригиўлерин сондай-ақ биротала исламластырыў исинде жүдә үлкен роль ойнады. Накшбандия Орйлық Азияда ҳәм Поволжьеде (Қазан) ҳәрекет етти. Бул жерге ол XVIII әсирде келип кирип, ХХ әсирдиң w0 жылларына дейин даўам етти. Накшбандияның тийкарғы көз-қараслары оның барлық шақаблары ушын ўлыўма болды. Тек властьқа қатнас постулатында айырмашылық бар, Ходжа Ақрар ўақтынан баслап накшбандия властьлылар менен олардың руўхын жеңиў ушын келисим дүзиўге рухсат етип ғана қоймады, ал массаға байланыслы оның атына тәсир етиўде миннетли ис деп қарайды. Накшбандия туўысқанлығын айрып туратуғын сиясий активликтиң дәрежеси мине услылай.
А. Наўайының жәмийетлик-философиялық көз-қараслары
Гератта туўылды. Мектепте Наўайы Хорасанның ҳәкими Хусейин Байқара менен бирге оқыды. Балалығында ол әдебият, поэзия областында үлкен уқыплылығын көрсетти. Өзиниң алдында өткенлердиң поэтикалық шығармалары менен танысты. Аттардың «Мантик-ут-тайр» (Қуслардың тили) шығармасын ядқа билген. Хорасанның ҳәкими Шохруктың өлиминен кейин елде тәртипсизлик басланды. Наўайының семьясы Иракка көшеди. qoty жылдан баслап Мешхедте жасайды. qryr-жылы шайыр Гератқа қайтып келип, Хорасанның ҳәкими Абу Саидқа хызметке киреди. qryy жылы Абу Саид оны Самарқандқа жибереди. Бул жерде Наўайы илимлер менен әдебият пенен шуғылланады, қосықлар жазады.
qryo жылы Гератта тахқа Хусейн Байқара минди ҳәм Наўайы менен Гератқа қайтады. qruw жылы ол ўәзир болып тайынланады. Бул лаўазымда өзин мәмлекетлик ғайраткер сыпатында көрсетти

Страницы: <<  <  74 | 75 | 76 | 77 | 78  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: