Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  43 | 44 | 45 | 46 | 47  >  >>

н береди. Қозғалмайтуғын жулдызлардың ҳәрекети - бул барлық планеталар ушын зәрүрли ҳәрекет. Күн еки ҳәрекетте қатнасады: батыстан шығысқа қарай ҳәм эклиптиканың полюслери дөгерегинде. Ай бес айналатуғын ҳәрекетте қатанасады.
Ферғани планеталар менен жулдызлардың Жер менен аралығын өлшеў проблемасына, Айдың, Күнниң тутылыўы проблемаларына тоқтайды.
Аспан сферасындағы эклиптика менен экватор мүйештиң жүдә анық нәтийжеси Ферғаниге тийисли. (Розенфельд Б. А. , Сергеева Н. Д. Стереографическая проекция. М. ә9ўқ). Оны стереографиялық проекцияның тийкарын салыўшы десе болады. Астрологияның теориясын ҳәм практикасын бириншилерден болып ислеп шықты.
Ферғанидиң бас хызмети: астрономия илимине дәлийллеў методын алып келди. Ол тәрепинен азимут, жулдызлар, альмукантаратлар, жоқары көтерилиў, радиуслар, параллельлер таблицалары қурылды.
Ферғани Каирдың қасындағы Рауд атаўындағы геодезиялық жумысларға басшылық етти. Гейбир тарийхшылар километрдиң қурылысын, дүзилисин Ферғанидиң аты менен байланыстырады.
Абу Наср ал - Фарабидиң философиялық ҳәм социологиялық көз-қараслары
Абу Наср ибн Мухаммад Фараби энциклопедиялық билимге ийе болғанлығы ушын «Шығыс Аристотли» ҳәм «Екинши муғаллим» (Аристотельден кейин) атларына ийе болып, орта әсирлик шығыстың атақлы философы.
873-жылы (шама менен) Фараб деген жерде (Арыс дәрьясының Сырдәрьяға қуяр жеринде) туўылған. Илимлерди үйрене отырып, Фараби Шаш (Ташкент), Самарқанд, Бухара, Иранда болды. Өмириниң соңғы жылларын Фараби Халаб, Дамаскте атқарды. 950 жылы Дамаскте қайтыс болды.
Оның барлық мийнетлерин (олар әү0тан аслам) еки топарға бөлиў мүмкин - а) әййемги грек алымларының трактатларына комментарийлер формасында жазылған мийнетлер. б)оригинал изертлеўлер.
Фарабидиң түсиндириўи бойынша бирликли болмыс

Страницы: <<  <  43 | 44 | 45 | 46 | 47  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: