рликте себеплик, избе-излик, нызамлылық ҳүким сүрген болмысты, барлықты қурайды.
Барлық жердеги ҳәм аспандағы сфералар денеликке, демек, материаллыққа ийе. Барлық предметлер алты түрге бөлинеди: аспан денелери, ақыл-ойға ийе ҳайўанлар (адам), ақыл-ойға ийе емес ҳайўанлар, өсимликлер, минераллар, төрт элемент-от, ҳаўа, жер ҳәм суў. Соңғылары материаллықтың тийкарлары, олар материяның жүдә қарапайым түрлерин аңлатады. Қалған алтаўы қурамлы болып, биринши элементлердиң биригиўи нәтийжесинде пайда болады.
Фарабидиң пикиринше, барлық затлар ушын улыўма род-дүнья («общий род для всех вещей -мир»). әлеген дене, Фарабидиң пикиринше, ең алды менен потенцияда, мүмкиншиликте ҳәм соңынан ғана ҳақыйқатлыққа айналады. Мүмкиншиликтен ҳақыйқатлыққа өтиў материяның белгили форма менен биригиўи нәтийжесинде өтеди.
Фарабидиң қарсылықлары формалардың қарама-қарсылықлары ҳәм соқлығысыўлары ҳаққында ойы тәбияттағы өзгерислердиң дәрегинен түсиниўге умтылыў сыпатында баҳалыққа ийе.
Илимлердиң классификацисы
Билимлерди Фараби практикалық (ремесло-өнер) ҳәм теориялық (илим) деп бөледи.
Илимниң обьекти барлық реаль өмир сүрип турғанлар, оның ҳәр қыйлы қәсийетлери ҳәм сапалары. Теориялық билим сферасында бас орын философияға тийисли. Философияны Фараби болмыстың улыўма қәсийетлери ҳәм нызамлары ҳаққында илим сыпатында белгилейди ҳәм оның конкрет илимлерге қатнасын улыўмалықтың жекеликке қатнасы сыпатында минезлейди. Фараби системасында философия туўралы «Илимлердиң илими» деген тезис өз сәўлелениўин тапты.
Фараби илимлерди классификациялаўдың орта әсир тусындағы биринши ҳәм толық түрин дөретти ҳәм ол сол дәўирдиң илимий билимлердиң энциклопедиясы атанды. Барлық илимлерди Фараби бес топарға бөледи.
1. Тил туўралы илим. Жети разделге ийе.
2. Логика.
3
Страницы: << < 45 | 46 | 47 | 48 | 49 > >>