Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  36 | 37 | 38 | 39 | 40  >  >>

формалардың себеби» жоқ. Материя формаға дейин өмир сүреди, форма материяның көринисиниң усылы.
Ибн Рушдтың пикиринше, конкрет предметте образ ҳәм материя бирликте өмир сүреди, бирақ материя көп түрли образды қабыллаўы мүмкин, бул материяның артықмашылығы.
Материаллық дүнья - раўажланыўдағы объектив реаллық, ол тек форманы емес, потенцияны ҳәм пайда етеди.
Материяның мәңгилигин Ибн Рушд раўажланыў менен өзгеристиң турақлылығы деп қарайды. Пайда болыўды ол материяның ҳәрекет етиўиниң көринисиниң формасы деп есаплайды ҳәм сапа, сан менен байланыстырады. Бул тастыйықлаў Аристотельдиң ҳәрекет материя менен байланыссыз түсиник дегенине қарсы келеди. Ибн Рушд ушын материя - объектив реаллық, диалектика бул ҳәрекеттиң материяның барлығын тастыйықлаў ғана. Егер бул шарийат болмаса - материя жоқ болғаны.
Билиў теориясы
Билиў, Ибн Рушдтың тәлийматы бойынша объектив реаллықты сезиўлик сәўлелендириўден басланады. Бирақ предметлердиң тийкарын ҳәм зәрүрли тәреплерин танып билиў ушын сезиўлик билиў жеткиликсиз, пикирлеў искерлиги зәрүрли.
Себеплиликтиң барлығын Ибн Рушд болмысты танып билиўдиң тийкарғы шәрти деп есаплайды. Бул бойынша себеплерди тәбиятта ҳәм күнделикли өмирде ҳәрекет етиўши деп қарайды.
Себеп ҳәм ҳәрекетлерди излеў логикалық пикирлерди талап етеди. Ибн Рушдтың унверсаллық ақыл-ой туўралы тәлийматы адамда, ақыл-ойының дөретиўшилик характери туўралы, адамзат родының бирлиги, барлық адамлардың интеллектуаллық бирлиги туўралы прогрессивлик ойды өзинде жәмлеген.
Материаллық ҳәм искерликли ақыл-ой, Ибн Рушдтың пикиринше, адамда илимлердиң раўажланыўы менен байланыстырылады. Интеллекттиң арқасында адам материаллықтан мәңги өмир сүриў, жасаўға көтериледи.
Ибн Рушдтың дөретиўшилиги - Жақын ҳәм Орта Шығыстың халықларының философиялық

Страницы: <<  <  36 | 37 | 38 | 39 | 40  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: