Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  37 | 38 | 39 | 40 | 41  >  >>

ойының шыңын аңлатады. Ол өзине дейинги прогрессив ойға жуўмақ жасап, орта әсирлик Европаның халықларының философиялық ойына күшли тәсир етти.
IX-XIII әсирлерде Орайлық Азиядағы илимий-философиялық дүньяға көз-қарастың раўажланыўы
1. Шығыс ренессанс түсиниги, оның тийкарғы белгилери
2. Мухаммед Аль Хорезмий, Фарабий, Абу-Абдуллах-Хорезмий, Беруний, Ибн-Синолардың философиялық көз-қараслары.
3. Юсуф Хас Ҳаджибтиң этикалық көз-қараслары.
4. XIV-XV әсирде Орайлық Азия жәмийети социаллық сиясый ҳәм мәдений турмысы.
5. Мир Саид Шариф Журжанийдиң философиялық көөз-қараслары.
6. Суфизм философиясы ҳәм Нахшбандия тәлийматының мазмуны.
8. Наўайы, Жәмийдиң жәмийетлик философиялық көз-қараслары.
IX-XIII әсирлер Орайлық Азияда тарийхый ўақыяларға оғада бай дәўир. Жақын ҳәм Орта Шығыс мәмлекетлеринде бул дәўирди шәртли түрде ренессанс дәўир деп атайды. Экономика, илим ҳәм мәденияттың гүллеўи бул дәўир ушын характерли деген бул дәўирдеги Орайлық Азияның социаллық дүзими туўралы айтсақ ондағы түрлише мәмлекетлер ҳәкимиятының сиясый жақтан тоқтаўсыз өзгерип турғанлығын билемиз.
VIII әсирдиң басында Орайлық Азия ҳәм Иран халықларының арабларға қарсы ҳәрекетлери дерлик бир ярым әсир даўам етти. Гүрек, Довожта, Ибн-Сурайж, Абу-Муслим, Муқанна, Рафи ибн-Лейс тәрепдарлары ҳәм басқалар басшылығы асытндағы азатлық гүреси Орайлық Азия ҳәм Хорасанда Араб халифалығы ҳәкимиятының қулаўына алып келди. IX әсирдиң биринши ярымында мәмлекетти басқарыў жергиликли феодаллық династиялар - Саманийлер, соңынан Қараханийлер, ал кейинрек азнабийлер, Селжукийлер ҳәм Хорезм шахлар қолына өтти. Орайлық Азияның сырт еллик басып алыўшылардан азат етилиўи мәмлекет экономикасы ҳәм мәдениятының қайта тиклениўине имканият берди. Өндириўши күшлердиң раўажланыўы тезлес

Страницы: <<  <  37 | 38 | 39 | 40 | 41  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: