уғын материяның бириншилиги, оның ҳәрекети, бирликлилиги туўралы пикири.
Ибн Рушдтың пикири дүнья бес денеден турады, аўыр ҳәм емес, жеңил ҳәм емес, демек аспанның айналыстағы сфералық денеси ҳәм төрт түрли басқа денелерден турады. Соңғыларынан бир дене абсолют аўыр. Бул - жер, сфералық денениң орайы, ал басқасы - абсолют жеңили - от, ол айналыстағы сфераның шетинде жайласқан. Жерден кейинги дене - бул суў, ҳаўаға салыстырғанда аўыр, жер менен салыстырғанда жеңил. әтте ҳаўа суўдан кейин турады - ол суў менен салыстырғанда жеңил, от пенен салыстырғанда аўыр.
От неге жеңил дегенде, ол айналыс ҳәрекетине жүдә жақын жайласқан. От пенен жердиң арасында жайласқан денелер аўырлықты ҳәм жеңилликти ҳәм өзинде жайғастырады Егер айналыстағы дене болмағанда тәбиятта жеңил ҳәм аўыр ҳәм, жоқарғы ҳәм төменги ҳ. т. б. болмаған болар еди.
Ибн Рущдтың пикиринше, тәбиятта қатаң зәрүрлик ҳүким сүреди, пүткил тәбият өзиниң нызамлары бойынша ҳүким сүреди.
Материя ҳәм форма Ибн Рушдтың түсиндириўинше, субстанцияның еки принципи. Материя - затлардың ишки тийкары, форма - олардың сыртқы көриниси. Олардың арасында бир-бирине өтпейтуғын шегара жоқ. Ол ҳәм Ибн Сина тәризли материя ҳәм форманың аристотельлик вариантын толық қабылламайды. (Белгили, Аристотель ҳақыйқатлықтың ҳәр бир тәрепин бир-бирине ажыралған «субстанцияға», «акциденцияға», «потенцияға» айналдырған еди).
Ибн Рушдтың пикиринше, материя ҳәм форма тәбиятта бирликли тийкарға ийе. Материя өзинде барлық формаларды сақлайды ҳәм оларды өзинен шағарады. Егер материя ҳәм форма жоқарғы бирликте сәйкес келеди екен, онда демек мүмкинлик ҳәм ҳақыйқатлық та сәйкес келеди. Айтайық, дүнья мәңги, демек, барлық мүмкинлик ерте ме, кеш пе ҳақыйқатлық болыўы тийис.
Ҳәрекеттиң дәреги - материяның өзинде. Материядан тысқары «
Страницы: << < 35 | 36 | 37 | 38 | 39 > >>