оккоға шақырылды ҳәм ол жерде әә9ҳ жылы ә0 декабрьде қайтыс болды.
Ибн Руш көп мийнет қалдырған ойшыл. Дурыс, ол әййемги грек, араб ҳәм Орайлық Азия ойшылларының шығармаларына комментарийлер ҳәм жазған. Бирақ оның өзиниң шығармалары да көп. Олар «Бийкарлаўды бийкарлаў», «Логика бойынша шығармалары», «Аспан денесиниң ҳәрекети ҳаққында пикирлеўлер», «Ўақыт проблемасы», «Биринши двигатель туўралы», «Мәңги өмир сүриў ҳәм ўақытша өмир сүриў ҳаққында», «жан туўралы өлимниң проблемалары», «Ақыл-ой туўралы пикирлеўлер», «Философия мәселелери», «Динниң философия менен келисими ҳаққында» ҳ. т. б.
Ибн Рушдтың дөретиўшилик өмирбаянын изертлеўшилердиң пикиринше, оның ui китап ҳәм трактаты болған. Көпшилиги қолжазба түринде жеткен, гейбир шығармаларының арабша нусқалары жетпей ҳәм қалған. Олар тек әййемги еврей ҳәм латын тәржималары бойынша белгили. Шығармаларының ишиндеги кең тарқалғаны «Бийкарлаўды бийкарлаў» шығармасы. Ол Газзалидиң мистикалық философиясына қарсы қаратылған. Ибн-Рушдты көп изертлеген француз алымы Э. Реман былай жазады- «Араб философиясының пүткил мазмуны, демек пүткил аверроизмди еки тәлийматқа, ямаса орта әсирдеги пикирлерше еки үлкен бир-бири менен байланысқан алжасыққа алып келиўи мүмкин ҳәм ол перипатетизмниң толық түсиндириўин қамтыйды, материяның мәңгилиги ҳәм ақыл-ой теориясы». (Э. Реман. Собр. соч. Киев. Т. i c. u0).
Ибн Рушд комментатор сыпатында Аристотельдиң тәлийматын дәслепки таза түрине алып келди (оған дейин Александриялы түсиндириўлер оған Платонизмниң элементлерин киргизип бираз бурмалаған еди). Оның пикиринше, Аристотельде адамзаттың ақыл-ойының ең жоқарысы билдирилди. Заманласларында «Аристотель тәбиятты түсиндирди, ал Аверроэс Аристотельди түсиндирди» деген гәп бар.
Ибн Рушд тәлийматының уллы хызмети мәңги, қолдан жасалмайт
Страницы: << < 34 | 35 | 36 | 37 | 38 > >>