ди.
Ғаззалий суффизмди пантеизмнен тазалаўға урынды. Ғазалийдиң пикиринше, ҳәр қыйлы руўхый тазаланыўдан бийғәрез адам ҳеш қашан қудай бола алмайды. Усылайынша Ғаззалий суфизм менен пантеизмниң арасына "қытай дийўалын" қойды.
Ибн-Рушд (Аверроэс)
Ибн-Рушд (Аверроэс) Кордовада туўылды. Әкеси қазы болған. Әкесиниң басшылығында болажақ философ кишкентай ўақтынан баслап дин тәлийматын ҳәм мусылман ҳуқықын үйренип, араб әдебиятының ҳәм поэзиясының үлгилери менен танысып медицинаны, математика ҳәм философияны үйрениўге кириседи. qqte-жылы Мороккаға кетеди. Бул жерде Ибн-Рушд ағартыўшылық мәселелерин шөлкемлестириў менен шуғылланады. Мусылман билимин реформалаўға актив қатнасады. Тәбият таныў илимлерин мусылман оқыў орынларында үйрениў бойынша шарайытлар жасаў мүмкиншилиги несиб етеди. Бул әсиресе Абу Якуб Юсуптың басқарыў дәўиринде жүдә көринеди. Абу Якуб Юсуп өзин саўатлы, ағартыўшы монарх сыпатында өзиниң атын қалдырыў ушын илим, искусство искерлерин философлардың дөгерегине жыйнайды.
Абу Якубтың өлиминен кейин тахқа оның Абу Мансур атанған баласы Абу Юсуф отырады. Дәслеп ол Ибн Рушдқа ҳүрмет пенен қатнас жасайды. Ибн Рушдтың шығармалары мусылман дини ўәкиллери арасында күшли қарсылыққа ушырайды. Оның философияны аристотелизм руўхында түсиндириўи руўханыйлар тәрепинен ислам догматларына қарсы шығыў сыпатында қабылланды. Мусылман дин тәлийматшылары Ибн Рушдтың дүньяның мәңгилиги ҳәм нызамлы раўажланыўы ҳәм ҳақыйқатлықты ақыл-ойдың жәрдеминде танып билиў мүмкинлиги туўралы көз-қарасына қарсы шықты. Ақырында Ибн Рушд ҳәттеки өзиниң шәкиртлеринен ҳәм бөлекленип қалды. Ҳәтте оны, баласы Абу Аллахты Кордова мешитинен шетлеткен ўақытлар ҳәм болды. Халиф Мансурдың буйрығы менен ол үйинен шыға алмай ҳәм қалды. Тек өлеринен азғана бурын халиф тәрепинен Мар
Страницы: << < 33 | 34 | 35 | 36 | 37 > >>