Орайлық Азия халықлары философиясы

Страницы: <<  <  32 | 33 | 34 | 35 | 36  >  >>

муҳаббаатты динге киргизип оған қатып қвалған формалары менен айрылыўда көреди. Олар бул экспериментти әмелге асыра алды. Екинши тәрептен, ол суфизмниң барлық режелерин тексереди. Сөйтип оның қайсысының сунна менен сәйкеслигин, сәйкес емеслигин ашып, тутас өлпең суфийлик системаны қурады. Бунда элементлери пропорционаллыққа ийе, экстатикалық тәреплери минимумға жеткизилген ҳәм бас дыққат сыртқы дәстүрлик тәрепине бөлинген. Сөйтип ортодоксаллық, руўханыйлардың жоқарғы қатламы ушын қолайлы суфизм пайда болып, күшейип, шейхлардың тәсир етиў сферасы тарылады.
Мусылман дини тарийхында Ғаззали исламның теориялық догмаларын жаңалаўшы, оның диний философиясы - каламның тийкарғы системаластырыўшысы сыпатында белгили. Бул хызметлери ушын оған «уллы имам», «ислам дининиң қорғаўшысы» атағы берилген.
Ғаззали философиялық ҳәм диний тәлийматлардың барлық ўәкилерин төрт категорияға бөледи. q) мутакаллимлер w) батишитлер e) философлар r) cуфийлер.
«Философларды бийкарлаў» мийнети Аристотельге қарсы қаратылыў менен бирге, оның избасарлары Фараби ҳәм ибн Сина сыяқлы Шығыс перипатетиклерине ҳәм қарсы қойылды. Ғаззали олардың қәтелерин ҳәм адасыўларын жигирма принципке алып келеди. Оның пикиринше, булардың үшеўи қарама-қарсылықлы, он жетиси еретикликке ийе. Қарама-қарсылықлы, үш тезиске мыналар киреди q) дене тирилмейди, сыйлаў ҳәм жазалаў денелик емес руўхый характерге ийе w) уллы ийем Алла индивидуаллық емес, ал универсаллық туўралы билимге ийе w) дүньяның мәңгилиги туўралы тезис.
Ғазалийдиң пикиринше Аристотель тәлийматы ортодоксаллық ислам ушын қәўипли, себеби оның тәрептарлары дүнья өзинен-өзи пайда болған, дөретиўшиси болған жоқ, ҳайўан туқымынан пайда болды, ал туқым ҳайўанның өзинде, усылай болған ҳәм әсирлер бойы бола береди деп түсиндиреди. Булар еретиклер дей

Страницы: <<  <  32 | 33 | 34 | 35 | 36  >  >>
Рейтинг
Оцени!
Поделись конспектом: