беби олар қудайды жалғыз ҳақыйқый дөретиўши деп есаплады. Буннан жуўмақ- адамды ис-ҳәрекетлерге мәжбүрледи ҳәм оларды адам өз ерки менен орынлаған жоқ. Соңынан «джабрия» термини фаталистлерди (алдын-ала белгиленгенди мойынлаўшыларды) еркин ерик (кадритлер) доктринасына қарсы қойыў ушын пайдаланылды.
«Каламның» алтын әсири мутазализмниң IX әcирдиң биринши ярымындағы көтерилиўи менен байланыслы. Мутазилизмди қуўатлаў шарайытларында (бул процесс Мутаваккил тусында ақ, улыўма «каламға» топылыс тусында ақ басланған еди) Абу-л Хасан ал-Ашари - мутазалит ал-Джубаидиң шәкирти ҳәм жаңа мектептиң - каламның ашаризмниң тийкарын салыўшы. Оны компромисс жолы менен гейде формаль, традиционалист - догматиклер менен бирге, қорғаўға өтти.
Мутакалимлер
Бул ўақытлардан баслап исламның «калам» (арабша сөз, грекше «логостың» - сөз, тәлиймат аналогиясы) деп аталатуғынын ортодоксаллық философиясы ислене баслады. Бул тәлийматтың тәрепдарларын мутакаллимлер деп атады. Мутакаллимлер ақыл-ойдың традиция үстинен артықмашлығын тастыйықлады, «таклидти» (имитация) бийкарлап анаў-мынаў көз-қарас ҳәм доктринаны қабыллаўдағы алдын-ала адым сыпатында гүманланыўды тастыйықлады. Бурынғы диншиллерден айырмашылығы сонда, Ашари ҳәм оның избасарлары ортодоксаллық исламды логиканың ҳәм философияның тужырымлары менен демек рационаллық методларды қолланыў арқалы қорғады.
Ашари фатализм ҳәм ериктиң еркинлиги туўралы ишки қарама-қарсылықты компромисс жолы менен шешиўге урынды. Оған касб (исполнение или приобретение) теориясы тийисли. Бул бойынша када (шешим, ҳүким) қудайдың мәңги ҳәм универсал ерки, кадар (власть, ерик) - қудайдың дүнья қубылысларына байланыслы шешиминиң жеке қолланылыўы, ал адам бул жеке шешимди өзиниң жеке иси сыпатында алып, ийелик етеди («приобретает» или «присваивает» это ча
Страницы: << < 23 | 24 | 25 | 26 | 27 > >>